Бул әмелият 2025-жылдың 1-январь күнинен әмелде қолланылады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 4-октябрьдеги 628- санлы қарары менен «Фармацевтика өнимлериниң постмаркетинг қадағалаўын әмелге асырыў тәртиби ҳаққында»ғы реже тастыйықланды.
Бул Реже Өзбекстан Республикасында айланыста болған фармацевтика өнимлериниң фармацевтика жумысын техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлерге муўапықлығын анықлаў бойынша постмаркетинг қадағалаўын әмелге асырыў тәртибин белгилейди.
Постмаркетинг қадағалаўы –ўәкилликли уйым Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы «Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы» мәмлекетлик орайы тәрепинен усы Режеде белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
ӨзА