26-сентябрь күни «Мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға бола, мектепке шекемги билимлендириўдиң мәмлекетлик билимлендириў бағдарламасы шеңберинде төмендегилер әмелге асырылады:
-киши ҳәм орта топарлардағы балаларда когнитив, психомотор ҳәм социаллық көнликпелерди раўажландырыў;
-үлкен ҳәм мектепке таярлаў топарларындағы балаларда билим алыў, коммуникативлик ҳәм дөретиўшилик компетенцияларды қәлиплестириўге қаратылған оқыў-медотикалық материалларды ислеп шығыў.
2026-2027-оқыў жылынан:
-бақшалар тәрепинен Мектепке шекемги билимлендириўди басқарыў мәлимлеме системасында баланың раўажланыў картасын жүргизиў әмелияты енгизиледи;
– мектепке таярлаў топарларын тамамлаған балаларға олардың раўажланыў картасы тийкарында бир жыллық мектепке таярлаўдан өткенлиги ҳаққында электрон сертификат бериў жолға қойылады.
2025-жыл 10-августқа шекем:
–мектепке шекемги билимлендириўдиң мәмлекетлик билимлендириў бағдарламасы шеңберинде ислеп шығылған электрон ресурслар, аудиовизуал өнимлер ҳәм оқыў-методикалық материаллар Мектепке шекемги билимлендириўди басқарыў мәлимлеме системасында жайластырылады ҳәм олардан еркин ҳәм бийпул пайдаланыў имканияты жаратылады;
–Мектепке шекемги билимлендириўди басқарыў мәмлимлеме системасында ата-аналар ушын жеке кабинет жаратылады ҳәм онда баланың раўажланыў картасы мағлыўматларының жайластырылыўы тәмийинленеди.
ӨзА