Быйылғы жылдың 24-сентябрь күни видеоконференция түринде Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы (ҒМДА) на ағза мәмлекетлер регионлараралық ҳәм шегара алды бирге ислесиў кеңесиниң XIII мәжилиси өткерилди.

Онда Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң халықаралық қатнасықлар департаменти директорының орынбасары Шуҳрат Маткаримов қатнасты.

Ушырасыўда қатнасыўшылар ҒМДА шеңберинде аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған реформалар ҳәм быйылғы жылы усы бағдарда әмелге асырылған илажлар бойынша пикир алысты.

Мәжилисте шығып сөйлегенлер регионлараралық байланысларды беккемлеўдиң тийкарғы принциплеринен бири сыпатында еки ҳәм көп тәреплеме форумларды шөлкемлестириў үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Онда быйылғы жылдың февраль ҳәм май айларында өткерилген Өзбекстан – Беларусь ҳәм Өзбекстан – Әзербайжан форумлары, Өзбекстан ҳәм Россия мәмлекет басшылары басшылығында Аймақлар кеңесиниң биринши мәжилиси нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы шеңберинде 2025-жылы өткерилиўи режелестирилген биринши ҒМДА Аймақлар форумы регионлараралық бирге ислесиўди раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болатуғынына исеним билдирилди.

Министрликтиң мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, илажда ҒМДА шеңберинде аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыўдың нормативлик-ҳуқықый базасын жетилистириўде Өзбекстан Республикасының усы тараўдағы шерикликти қоллап-қуўатлаў илажларын ислеп шығыў басламасы тийкарында қәлиплестирилген усыныслар көрип шығылды.

Мәжилис жуўмағында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

Н.Зиёдуллаева тайёрлади, ӨзА