Усы жылдың 23-сентябрь күни «Өзбекстан Республикасында медициналық ҳәм саламатландырыў туризмин және де раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, «Медициналық хызметлер миймандослығы» (« Medical service hospitality») бағдарламасы әмелге асырылады. Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик медициналық мәкемелер ҳәм санаторий ҳәм пансионатлар тәрепинен көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын мониторинг етиў системасы енгизиледи. Консалтинг – диагностика –  туроператор – транспорт – медициналық аўдармашы хызметлерин биргеликте көрсететуғын медициналық туризм кластерлериниң жумысы жолға қойылады.

Сондай-ақ, «Авиценна» атамасы астында Өзбекстанның медициналық ҳәм саламатландырыў туризми бренди ислеп шығылады. Категориялы (жулдызлы) мийманханалар типиндеги санаторийлердиң жумысы жолға қойылады. Таўлы, шыпалы балшық қатламлары бар ҳәм шыпалы суўлардың қатарына киргизилген ҳәм санитария –саламатландырыў әҳмийетине ийе суў (термал суў) объектлери бар аймақларда санаторий-курорт зоналары шөлкемлестириледи.

2025-жыл 1-апрельге шекем интернет тармағы арқалы жасаўшыларды есапқа алыўдың автоматластырылған арнаўлы электрон бағдарламасы (E-mehmon)на жалғанған жеке меншик медициналық  ҳәм саламатландырыў мәкемелери дәслепки 6 айлық абонент төлемин төлеўден азат етиледи.

ӨзА