Президенттиң «Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлериниң енгизилиўине байланыслы илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-311- санлы қарары мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасында тийкарғы реформалар әмелге асырылып атырғанынан дәрек береди. Бул қарар менен мәмлекет тәрепинен кепилленген бийпул медициналық хызметлер системасын енгизиў, медициналық қамсызландырыў арқалы халыққа қаржылай жеңиллик жаратыў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жаңа механизмлер жолға қойылады.
Бул қарардың тийкарғы тәреплерине тоқтап өтемиз.
Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў: Бийпул медициналық хызметлер ҳәм дәри қураллары тәмийнаты
Қарарға бола, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў шеңберинде бийпул хызметлер көрсетиледи ҳәм дәри қураллары бериледи. Бул хызметлерди ҳәм дәрилерди тәмийинлеўде халыққа қосымша қаржылай жүк жүкленбейди, яғный қамсызландырыў ушын қосымша төлем өндирилмейди. Хызметлер ҳәм дәрилер салық төлемлеринен қәлиплестирилген мәмлекетлик бюджет есабынан қаржыландырылады, бул болса қамсызландырылған тәреплердиң медициналық жәрдемнен пайдаланыў имканиятын кеңейтеди.
Медициналық қамсызландырыў механизми басқышпа-басқыш енгизиледи
Қарарда медициналық қамсызландырыў механизмлерин басқышпа-басқыш енгизиў нәзерде тутылған. Бул механизмлер арқалы халыққа медициналық жәрдемниң кепилленген көлемлери белгиленеди. Булар мәмлекетлик бюджет есабынан қаржыландырылатуғын ҳәм қамсызландырыў қоры қаржылары арқалы берилетуғын медициналық хызметлер ҳәм дәри қуралларын өз ишине алады.
Электрон системалар ҳәм заманагөй хызмет көрсетиў
Халықтың бийпул медициналық хызметлерден пайдаланыўы ушын белгиленген мүддетлерде медициналық тексериўден өтиў, шаңарақлық шыпакерге яки медицина бригадасына мүрәжат етиў талап етиледи. Сондай-ақ, дәри қураллары шыпакер рәсмийлестирген электрон рецепт тийкарында бериледи ҳәм бул қәрежетлер қамсызландырыў қоры тәрепинен қапланады. Бул реимберсация бағдарламасында әмелге асырылып, қаржылай ашықлықты тәмийинлеўге хызмет етеди.
Қарарда «Электрон денсаўлықты сақлаў» мәлимлеме системасын енгизиў нәзерде тутылған болып, бул система медицина мәкемелериниң жумысын электрон тәризде басқарыў имканиятын береди. Бул санластырыў денсаўлықты сақлаў системасының нәтийжелилигин арттырыўға ҳәм хызмет көрсетиў сапасын жақсылаўға қаратылған әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Кепилленген пакет ҳәм жеңилликли категориялар
Қарар тийкарында мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медициналық мәкемелер медициналық хыметлер көрсетиўде қатнасады. Бул болса мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектордың медицина тараўындағы бирге ислесиўин күшейтип, халықтың кең көлемли медициналық хызметлерден пайдаланыў имканиятын арттырады.
Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерине бола, районлық, ўәлаятлық ҳәм республикалық емлеўханаларда кеселликтиң аўырлық дәрежесине қарап бийпул емленетуғын кеселликлер дизими тастыйықланады ҳәм әмелиятқа жибериледи. Сондай-ақ, жеңилликли категорияға кириўши адамлар шыпакер көрсетпесине бола, мәлимлеме системасы арқалы қәлиплестирилетуғын жоллама тийкарында мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан бийпул емленеди.
2025-жылдан баслап режелестирилген өзгерислер
2025-жыл 1-июльден баслап мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери енгизилген аймақларда режелестирилген стационар медициналық жәрдемнен электрон гезек тийкарында бийпул падаланыў имканияты жаратылады. Бул жеңиллик физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы яки социаллық салық төлеўшилер, салық кодексине муўапық мийнет стажын есаплап шығыў ушын белгиленген муғдарларда салық төлеген адамлар, сондай-ақ, жас өспиримлер, студентлер, жумыссызлар, ҳәмиледар ҳаяллар, еки жасқа шекемги балалар тәрбиясы менен шуғылланыўшылар ҳәм мәмлекетлик пенсиясын алыўшылар, кем тәмийинленген шаңарақлардың ағзалары ушын әмел етеди.
2027-жыл ушын белгиленген ири реформалар
2027-жыл 1-январьдан баслап, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасында кеминде 6 ай даўамында физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы яки социаллық салық төлеген адамлар жоқары технологиялық медициналық жәрдемнен бийпул пайдаланыў имканиятына ийе болады. Бул мәмлекет тәрепинен денсаўлықты сақлаў системасындағы қаржылай жүкти азайтыўға қаратылған әҳмийетли заманагөй медициналық хызметлерден кеңнен пайдаланыў имканиятын кеңейтеди.
Жуўмақлап айтқанда, бул қарар Өзбекстан денсаўлықты сақлаў системасын заманагөйлестириўге қаратылған әҳмийетли қәдем болып, халыққа медициналық хызметлерден бийпул пайдаланыў имканиятын кеңейтеди. Бул реформалар мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасының турақлы раўажланыўына хызмет етеди
ӨзА