Усы жылдың январь-июль айларында 18,4 мың Германия пуқарасы туристлик мақсетлерде Өзбекстан Республикасына келген.
Статистика агентлигиниң мәлим етиўине бола, бул көрсеткиш өткен жылдың ҳәзирги дәўири менен салыстырғанда 4,3 мыңға яки 30,9 процентке көп.
Усы жылдың январь-июль айларында Өзбекстан Республикасына келген Германия пуқараларының сапар мақсетлери төмендегише: дем алыў ушын -15 303, жақынларын жоқлаўға – 2 189, хызмет бойынша – 846, коммерциялық мақсетте – 44, оқыўға – 20, емлениўге -7 пуқара келген.
ӨзА