Усы жылдың 25-26-сентябрь күнлери Самарқандта Азия инфраструктуралық инвестициялар банки «Ҳәммеге турақлы инфраструктура жаратыў» темасында тоғызыншы жыллық басқарыўшылар кеңесиниң мәжилисин өткереди.
Бул АИИБтиң Орайлық Азияда өткерилип атырған биринши жыллық мәжилиси болып есапланады. 9 жыллық мәжилисине АИИБтиң ең әҳмийетли илажларынан бири болып, банктиң жетискенликлери менен танысыў ҳәм оның стратегиялық раўажланыў ҳәм басламалары бойынша усыныслар алыў ушын үлкен имканият болып есапланады.
Азия инфраструктуралық инвестициялар банки көп тәреплеме раўажланыў банки болып, ол турақлы, экологиялық таза ҳәм технологиялық инфраструктураны қаржыландырыў арқалы Азияда ҳәм оннан тысқарыда инсанлардың социаллық ҳәм экономикалық абаданлығын арттырыў менен шуғылланады. Ҳәзирги күнде АИИБ 109 ағзасына ийе.
Банк турақлы инфраструктураны қоллап-қуўатлаў, трансшегаралық байланысларды беккемлеў ҳәм жеке меншик капиталды жумсаўға қаратылған. Орайлық Азияда АИИБ регионаллық байланысларды раўажландырыў, энергия ҳәм суў ресурслары басқарыўын жақсылаў ҳәм экономикалық өсиўди қоллап-қуўатлаўда тийкарғы роль атқарады.
Банк шөлкемлестирилгенинен берли Өзбекстандағы жойбарларға 3,1 миллиард доллардан артық инвестиция киргизди. 2024-жылдың басында бул бирге ислесиў Президент Мирзиёев тәрепинен 2,6 миллиард АҚШ долларына тең мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланатуғын жойбарлар ушын үш жыллық келисимге қол қойылыўы менен раўажланды.
Еки күн даўам ететуғын бул 9 жыллық мәжилисте инфраструктураны қаржыландырыўдағы инновациялар, климат өзгериўине бейимлесиў ҳәм турақлы раўажланыў ҳәм инфраструктура жойбарларының санлы трансформациясына бағышланған 25 тен артық панель додалаўлар болып өтеди.
Илажда ашылыў мәресими, басқарыўшылардың қатнасындағы дөгерек сәўбети, басқарыўшылар кеңесиниң рәсмий сессиясы, баспасөз әнжуманы, жәмийетлик ҳәм пуқаралық жәмийети менен бирге ислесиўге байланыслы илажлар өткериледи.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА