Бүгин, 2024-жыл 12-сентябрь күни тарийхый Хорезмниң Хийўа қаласында Орайлық Азия мәмлекетлериниң екинши парламентлераралық форумы өз жумысын баслайды.
Форумда Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан парламентлери басшылары ҳәм делегациялары, соның менен бир қатарда, жаслар парламенти ҳәм топарлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларының ўәкиллери қатнасады.
Форумнан гөзленген мақсет, Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы парламентлераралық байланысларды беккемлеў, регионды социаллық-экономикалық раўажландырыўға парламентлераралық комиссиялар, дослық топарлары, мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымлары, жаслар парламентлери ҳәм ҳаял-қызлардың қатнасыўын кеңейтиўден ибарат.
Форум менен байланыслы барлық мағлыўмат ҳәм жаңалықларды сайтымызда сәўлелендирип барамыз. Бизди бақлап барың!
Н.Абдураимова, ӨзА