Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде «Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 206 ҳәм 248-статьяларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда додаланды.

Онда қадағалаў астындағы шахслар тәрепинен ҳуқықбузарлықлар жүз бериўиниң алдын алыўға қаратылған нормалар өз көринисин тапқан.

– Суд тәрепинен белгиленген шеклеў ҳәм миннетлемелерди орынламаған пробация қадағалаўындағы шахслар ислеген ҳуқықбузарлықлардың жағдайлары бойынша тез ҳәм тәсиршең илажлар көрилиўин тәмийинлеў бағдарында ишки ислер уйымлары пробация бөлимлериниң хызметкерлерине қосымша ўәкилликлер бериў зәрүрлиги пайда болмақта,-деди депутат Сардор Ғиёсов. – Бул нызам жойбары менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске ҳәкимшилик қадағалаў ҳәм пробация қадағалаўындағы шахсларға тәсиршең илажлар көрилиўин тәмийинлеў ҳәм ишки ислер уйымлары пробация бөлимлери хызметкерлериниң ўәкилликлерин кеңейтиўди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Яғный, ишки ислер уйымлары атынан 185/2- ҳәм 187-стаьялары бойынша пробация қадағалаўындағы шахсларға ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы протоколды дүзиў ўәкиллиги пробация хызметиниң аға инспекторына берилмекте.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи келешекте пробация қадағалаўындағы шахслар тәрепинен ҳуқықбузарлықлар жүз бериўиниң алдын алыў ҳәм оларға қолланылған тәсир илажларының нәтийжелилиги артыўына алып келеди.

Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова,

ӨзА