Мәмлекетимизде туризм, жасалма интеллект ҳәм нефть-газ бағдарларында кадрлар таярлаўға айрықша итибар қаратылмақта ҳәм бул бағдарда халықаралық бирге ислесиў кеңеймекте.

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қўнғиротбай Шарипов Қатардың Доха қаласында болып, сапар шеңберинде Ҳамад бин Халифа университети (HBKU)  президенти доктор Аҳмад Ҳаснаҳ пенен ушырасты.

Онда еки мәмлекет арасындағы билимлендириў ҳәм илим тараўындағы бирге ислесиў додаланды. Тәреплер бир қатар басламаларды алға қойып, өз-ара байланысларды және де раўажландырыўға таяр екенлигин билдирди, делинеди Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң мағлыўматында.

Ушырасыў даўамында туризм, жасалма интеллект ҳәм нефть-газ тараўларында биргеликтеги илимий жойбарларды шөлкемлестириў, халықаралық конференциялар ҳәм илажларда қатнасыў мәселелери додаланды. Нефть-газ санаатында еки мәмлекет илимий орайлары ҳәм университетлери арасында бирге ислесиўди орнатыў режелестирилди.

Атап айтқанда, жасалма интеллект бағдары бойынша Ташкент информациялық технологиялар университети Ҳамад бин Халифа университети менен бирге ислесиў орнатыў, нефть-газ тараўында Бухара инженерлик-технология институты биргеликте жойбарларда қатнасыўы күтилмекте.

Марҳабо ҲОЖИАКБАРОВА,

ӨзА