«Ўзатом» агентлиги басшылығы ҳәм Халықаралық атом энергиясы агентлигиниң Техникалық бирге ислесиў департаменти Европа бөлими директоры Эве-Кулли Калой арасында ушырасыў өткерилди.
Онда тәреплер өз-ара бирге ислесиўдиң тийкарғы тәреплери, соның ишинде, атом инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм атом энергиясынан тыныш мақсетлерде пайдаланыўға қаратылған миллий жойбарларды әмелге асырыў мәселелери бойынша шығып сөйледи.
Сондай-ақ, Халықаралық атом энергиясы агентлигиниң жәрдеминде әмелге асырылып атырған миллий жойбарлардың бүгинги жағдайы ҳәм раўажланыў перспективаларына да итибар қаратылды.
Ушырасыўдың жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди жеделлестириў, соның ишинде, миллий жойбарларды әмелге асырыў ҳәм Өзбекстан Республикасы ядро инфраструктурасын беккемлеўге байланыслы мәселелерди додалаў ушын эксперт ушырасыўлары ҳәм семинарлар шөлкемлестириўге келисип алды.
Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА