Бас прокуратура имаратында өткерилген мәжилисте «Энергия нәтийжелилик» электрон платформасының имканиятлары түсиндирип берилди.
Онда атап өтиўинше, усы платформада энергия ресурсларын үнемлеўдиң қосымша дәреклерин анықлаў, энергия ресурсларын үнемлеў көрсеткишлериниң орынланыўы бойынша мағлыўматлар топланады.
Мәжилисте есабатларды жүргизиў тәртиби, яғный қуяш панельлери, гелиоколлектор, реактив компенсаторларды орнатыў, тәбийғый газ үскенелерин үнемлейтуғынына алмастырыў ҳәм басқа шөлкемлестириў-техникалық илажларды фотосүўретлер менен тастыйықланған ҳалда платформаға киргизиў бойынша презентация өткерилди.
«Ўзэнергоинспекция» ҳәм Бас прокуратура жуўапкерлери қатнасқан бул илаждың жуўмағында энергия ресурсларын унемлеў илажларының сөзсиз орынланыўы,электрон платформа системасын толық енгизиў, платформа имканиятларын турақлы жаңалап барыў бойынша зәрүр илажлар белгилеп алынды.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА