Американың «Sierra Nevada Corporation» жеке меншик компаниясы Өзбекстан менен алты «Pilatus PC-12» самолётын реставрациялаў бойынша шәртнамаға қол қойды. Бул ҳаққында АҚШ Қорғаныў министрлигиниң сайты жазған.

Келисим бойынша 64,24 миллион долларлық буйыртпа самолётларды қатарға қосыў, тараў ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў ҳәм алты «PC-12» самолёты ушын жумысты бөлип алып ислеў-логистика жәрдемин көрсетиў нәзерде тутылған. Өзбекстанда әмелге асырылатуғын жумыс 2027-жыл 7-августқа шекем жуўмақланыўы керек.

Жойбар АҚШ Сырт ел әскерий саўда бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылады. Қурал экспортын қадағалаў ҳаққындағы бул мәмлекет нызамының 3-бөлиминде, «Егер президент турақлы жумыс «Қурама Штатлардың қәўипсизлигин күшейтеди, дүнья тынышлығын тәмийинлеўге жәрдем береди» деп есапласа, қорғаныў өними ҳәм хызмети сырт мәмлекет ямаса халықаралық шөлкемге сатылыўы мүмкин екенлиги»ги белгиленген.

Шәртнама шеңберинде Сырт ел әскерий саўда траст фондынан 26 миллион доллардан көбирек қаржы ажыратылды.  Жумысты бөлип алып ислеўши – Огайо штаты Райт-Паттерсон базасындағы Ҳаўа күшлерин басқарыў орайы.

2021-жыл ноябрьде «Uzbekistan Airways» Миллий авиакомпаниясы Швейцарияныңи «Pilatus Aircraft » ислеп шығарыўшысының дәслепки самолёты – «Pilatus PC-12»ни иске қосқан. Бир двигательли турбовинтли бул самолёт әдетте корпоратив ямаса регионаллық реактив сыпатында қолланылады.

Ш.Маматуропова, ӨзА