Гезектеги халықаралық билимлендириў бағдарламасы шеңберинде бул рет дүньяның 14 мәмлекетинен 150 студент Өзбекстанға келди

Бүгин Санлы технологиялар министрлигинде «Huawei» компаниясы, IT -билимлендириў аўқамы және Жақын Шығыс ҳәм Орайлық Азия билимлендириў мәкемелери жәрдеминде  өткерилип атырған «Seeds for the Future 2024» абырайлы жыллық бағдарламасы рәсмий ашылды.

Өзбекстан Республикасы санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов түрли  мәмлекетлерден келген жас талант ийелери және ҳүрметли мийманларды қутлықлап, университеттиң студентлерине мөлшерленген бул бағдарлама жергиликли қәбилет ийелерин раўажландырыў, билим алмасыў, МКТ бойынша хабардарлықты арттырыў, жаслар  ушын санлы жәмийетшиликти раўажландырыўға қаратылғанын атап өтти. Быйылғы жылғы қатнасыўшылар арасында Өзбекстан, Әзербайжан, Баҳрейн, Иордания, Ирак, Қазақстан, Қатар, Қырғызстан, Кувейт, Ливан, Оман, БАӘ, Пакистан ҳәм Саудия Арабстаны ўәкиллери бар.

«Seeds for the Future 2024» таңлаўында қатнасыў ушын, соның ишинде, Ташкент қаласындағы сегиз – Мәлимлеме технологиялары, Инха, Амити, Жаңа Өзбекстан, Турин политехника, Халықаралық билимлендириў, халықаралық Вестминстер, Мырза Улуғбек атындағы Миллий университетлеринен 15  өзбекстанлы студент таңлап алынды.














Өткен тоғыз жыл ишинде «Huawei» глобал билимлендириў бағдарламасында елимизден 147 студент қатнасты. Быйылғы жылы «Seeds for the Future 2024» бағдарламасы шеңберинде алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын үйрениў бойынша интенсив тренинг, технология жетекшилиги көнликпесин жетилистириў бойынша  баянат, глобал темаларда додалаўлар болады. Қатнасыўшылар «Tech4Good» топары стартап  жойбарлары менен де танысады, билим ҳәм тәжирийбе алмасыў арқалы 5G, жасалма интеллект, булт ҳәм Wi-Fi 7 технологиялары ҳаққында жақсы түсиник алады. Нәтийжеде жаслар келешекте өсиўи ушын қәбилетин көрсетиў, мийнет базарында өзиниң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў имканиятына ийе болады.

Студентлер МКТ инновациясын терең үйрениў ҳәм тараў қәнигелери менен бирге ислесиў менен бирге мәдениятлар аралық байланыс орнатыў ушын елимиз бойлап сапарға шығады.

Жойбар жолға қойылыўы шеңберинде Ташкент қаласындағы Амити университетинде болып өткен «Global Village» ири мәдений илажда студентлерден ибарат ҳәр бир топар өз мәмлекетиниң мәдений мийрасы, дәстүрлери, миллий липаслары ҳәм асханасын көрсетти.

Бағдарлама шеңберинде өткерилген «Tech4Good» таңлаўы өз алдына жаслар потенциалын арттырыў, оларды жәмийеттеги унамлы өзгерислер процесине тартыў мақсетин қойған. Усы сийрек ушырасатуғын платформа  ең соңғы технологиялардың үлкен потенциалынан пайдаланған ҳалда әҳмийетли   социаллық нәтийжели шешиўши инновациялық идеялар ислеп шығыўға мөлшерленген. Қатнасыўшылар төрешилер итибарына өз жойбарларын усынады ҳәм еки жетекши  топар келеси жылы Қытайда болып өтетуғын  Глобал финалда қатнасыў ушын таңлап алынады. Өткен жылы Өзбекстан топары «Tech4Good» таңлаўында регионаллық чемпионлықты қолға киргизген.

Глобал көлемде МКТ қәбилетлерин раўажландырыўға қаратылған ««Seeds for the Future 2024» басламасы 2008-жылы иске қосылған. Өткен дәўир ишинде 141 мәмлекеттен 18 мыңға шамалас студентти қамтып алған бағдарлама 360тан аслам жоқары лаўазымлы мәмлекетлик ўәкиллер ҳәм басшылар жәрдеминде  тараў жетекшилери ҳәм инноваторларының жаңа әўладын қәлиплестириў мақсетинде 500 ден көп университет пенен бирге ислеспекте.

С.Раҳимов, ӨзАның хабаршысы