2018-жылдың 16-июль – 14-август күнлери аралығында саат 01:00 ден 12:00 ге шекем Өзбекстан көлеминде режелестирилген профилактикалық жумыслар алып барылады. Бул ҳаққында «UZDIGITAL TV» компаниясы Xabar.uz сайтына хабар берген.
Профилактика жумысларының Қарақалпақстан Республикасында алып барылыў сәнеси 20-июль – 14-август күнлерине туўра келеди. Сол мүнәсибет пенен телеканалларда көрсетилген ўақыт аралығында (01:00 ден 12:00 ге шекем) эфир ўақытша тоқтатылады.
Компания санлы телевидение пайдаланыўшыларынан келтирилген қолайсызлықлар ушын алдын ала кеширим сораған.
Төменде сиз Қарақалпақстан аймағында алып барылатуғын профилактика жумысларының сәнеси ҳәм ўақты менен толық танысыўыңыз мүмкин.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.