Өзбекстан «Адолат» СДП Сиясий Кеңесиниң гезектеги пленумы болып өтти. Онда усы жыл 27-октябрь күни парламент ҳәм жергиликли ўәкиллик уйымларына болып өтетуғын сайлаўда «Адолат» СДПның қатнасыўына тийисли мәселелер көрип шығылды.
Пленумды кирис сөзи менен ашқан партия жетекшиси Робахон Маҳмудова Олий Мәжилис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли ўәкиллик уйымларына болып өтетуғын сайлаўлар жаңа әмелият – аралас сайлаў системасы арқалы өткерилетуғынын, онда ҳәр бир даўыс ушын кескин гүрес болатуғынын айрықша атап өтти. Бул, өз гезегинде, сиясий партиялардан және де қызғын саламат бәсеки орталығында сайлаўшылардың жоқары исенимине ерисиўин талап етеди. Солай екен, «Адолат» СДП тәрепинен сайлаўшылардың арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыўға хызмет етиўши тийкарланған усыныслар ҳәм басламаларды, ийгиликли идеяларды алға қойыў, партияның халықшыл сайлаўалды бағдарламасын ислеп шығыў кереклиги атап өтилди.
Атап өтилгениндей, сайлаў партияның өткен дәўириндеги жумысына анық баҳа беретуғын әҳмийетли сиясий процес саналады. Соның менен бирге, ўәкиллик уйымларына өз талабанларын көбирек сайлаў арқалы мақсет ҳәм идеяларын нәтийжели әмелге асырыўшы, мәмлекеттиң сиясий-ҳуқықый майданындағы орнын беккемлейтуғын, бир сөз бенен айтқанда, келешектеги табысларын тәмийинлеп беретуғын имканият болып есапланады.
Соннан келип шығып, пленумда «Адолат» СДПның сайлаўда мүнәсип қатнасыўы бойынша стратегиялық режелери белгиленди.
Пленумда партияның 2024-2029-жыллар ушын мөлшерленген сайлаўалды бағдарламасын таярлаў ушын партия электораты, қоллап-қуўатлаўшылары ҳәм халық ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерип, олардың пикир-усынысларын алыў, бар машқалаларды үйрениў ҳәм олар бойынша мәнзилли шешимлер бериў бойынша илажлар ислеп шығылғаны көрсетип өтилди.
Пленумда партия белсендилери, нуранийлер, депутатлар ҳәм жаслар ўәкиллери сөзге шығып, сайлаў әҳмийетли имканият екени, онда мүнәсип қатнасыў ушын партияның потенциалы жетерли екени, халықшыл сайлаўалды бағдарламасы менен сиясий майданға шығыў кереклигин атап өтти. Бул әҳмийетли сиясий процеслерде жаратылған имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланып, сайлаўларда белсене қатнасыў, партиядан депутатлыққа мүнәсип талабанларды көрсетиў кереклиги айрықша атап өтилди.
Пленумда сайлаўда қатнасыў бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзА хабаршысы