Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы  Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы фракциясы мәжилисинде жергиликли мәмлекетлик  ҳәкимият уйымларының жумысын жеделлестириўге қаратылған нызам жойбары көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, жаңа редакциядағы Конституция  менен киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар шеңберинде ҳәким ҳәм Кеңес баслығы лаўазымлары бир-биринен ажыратылғаны “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳақққында”ғы нызамға тийисли өзгерислер киргизилиўин талап етпекте.

Бир топар депутатлар тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында ислеп шығылған нызам жойбары менен жергиликли Кеңеслерге депутатлар арасынан сайланатуғын басшы басшылық ететуғыны, оның жәмийетшилик тийкарында жумыс алып баратуғыны ҳәм оны мүддетинен алдын лаўазымнан босатыў мүмкин екенлиги белгиленбекте.

Ҳәкимлердиң кандидатурасы Кеңеслерде көрилип атырғанда олар аймақты раўажландырыў бағдарламасын жергиликли Кеңеслерге ҳәм ҳәким қабыллайтуғын ҳүжжетлер Бирден-бир электрон системада дизимнен өткерилиўи ҳәм системаға жайластырылыўы, дизимнен өткерилмеген хүжжетлердиң ҳақықый емес, деп есапланыўы ҳәм ҳуқықый ақыбетлерге алып келмейтуғынлығы беккемленбекте.

Мәжилисте атап өтилгениндей, нызам жойбарын екинши оқылыўда таярлаў даўамында берилген бир қатар усыныслар инабатқа алынған. Атап айтқанда, халық депутатлары Кеңесиниң жумыс тәртибине Кеңес тексериўи киргизилмекте. Буннан тысқары, Кеңеслер аймақлық бағдарламалар,сондай-ақ, Кеңес қарарлары жойбарларын ислеп шығыўда ҳәм олардың орынланыўын қадағалаўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтлары менен бирге ислесиўи мүмкин екенлигине  байланыслы қағыйда орнатылмақта.

ӨзА