Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде мәлим етилиўинше, өткен жылы исбилерменлерге 90 триллион сум бажыхана ҳәм салық жеңиллиги, субсидия ҳәм компенсация усынылған.

Буннан былай жеңиллик ҳәм субсидиялар мақсетли көрсеткиш пенен бир жылға берилиўи, нәтийжесине қарап мүддети созып берилиўи ямаса улыўма бийкар етилиўи белгиленди.

Жуўапкерлерге жылдың ақырына шекем 10 триллион сум муғдарында тийкарсыз қәрежетлерди оптималластырыў илажларын көриў тапсырылды.

Жылдың басында 20 ири кәрханада өзине түсер баҳаны 15 процентке төменлетиў бойынша берилген тапсырмаға бола, өткен дәўирде қәрежет 8,3 триллион сумға ямаса 10 процентке азайды. Бул жумысларды, әсиресе, энергетикада системалы даўам еттириў тапсырылды.

ӨзА