Астана саммитинде ШБШ+ форматындағы додалаўда қатнасатуғын Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш структураның жумысына баҳа берип, халықаралық майданда әҳмийетли орын ийелеген Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң регионаллық турақлылыққа ерисиўге мүнәсип үлес қосып атырғанын атап өтти.

-Cоңғы жыллар ишинде ШБШ халықаралық майданда әҳмийетли қатнасыўшыға айланды,- деди ол “Казинформ” агентлигине берген интервюсинде.- Улыўмалық қәўип-қәтерге, соның ишинде, терроризм ҳәм зорлық экстремизмине қарсы жуўап бериў илажларын муўапықластырыў бойынша тийкарғы мақсетине садық қалған ҳалда, ШБШ экономикалық интеграцияны ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди тереңлестириўге умтылмақта.

Гутерриштиң сөзлерине бола, дүнья көплеген машқалаларға қарсы келмекте. Соның ишинде, климат дағдарысы ҳәм халықаралық келиспеўшиликлер күшеймекте.

-Дағдарыс ўақтында мәмлекетлер “өсип атырған айырмашылықлар алдында” бирлесиўи, бирге ислесиўи керек, – деп қосымша етти дүнья шөлкеминиң басшысы.- Регионаллық структуралар дүньяның түрли аймақларында тынышлықты тәмийинлеў ҳәм сақлаўда әҳмийетли орын тутады. Тәжирийбе, тез жуўап бериў имканияты ҳәм орнатылған бирге ислесиўдиң тийкары келиспеўшиликлердиң алдын алыў ҳәм тынышлық ушын ажыралмайтуғын жағдайға келтиреди.

                                                                                                           ӨзА