Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Стандартластырыў жумысын жетилистириўге байланыслы қосымша илажалар ҳаққында”  қарар қабыл етти.

Оған муўапық:

Миллий стандартларды ислеп шығыў, тастыйықлаў, дизимнен өткериў, бийкарлаў ҳәм оларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў;

Стандартлардыӊ бирден-бир мәлимлеме базасын қәлиплестириў, жүргизиў ҳәм тарқатыў жумысын шөлкемлестириў;

Стандарластырыў режесин қәлиплестириў;

Техникалық жақтан тәртипке салыў, стандарластырыў, метрология, муўапықлықты баҳалаў, сондай-ақ, ветеринария, карантин ҳәм санитария тараўлары қәнигелериниӊ маманлығын арттырыў менен оларды аттестациядан өткериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеде:

миллий стандартларға қойылатуғын талаплар, миллий стандартлардыӊ дүзилиси, миллий стандартларды ислеп шығыў ҳәм келисиў, экспертизадан өткериў, тастыйықлаў ҳәм дизимнен өткериў, өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳәм бийкарлаў тәртиби;

Стандартлардыӊ бирден-бир мәлимлеме базасыныӊ қурамы, мәлимлеме базасын толтырыў ҳәм жүргизиў, мәлимлеме базасындағы стандартларды тарқатыў, стандартластырыў режесин қәлиплестириў, қаржыландырыў тәртиби;

қәнигелердиӊ маманлығын арттырыў, аттестациядан өткериў, талабанлардыӊ ҳүжжетлерин көрип шығыў, маманлық арттырғанлығы ҳәм аттестациядан өткенлиги ҳаққындағы бирден-бир реестрди жүргизиў тәртиби белиглеп берилген.

ӨзА