Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Стандартластырыў жумысын жетилистириўге байланыслы қосымша илажалар ҳаққында” қарар қабыл етти.
Оған муўапық:
Миллий стандартларды ислеп шығыў, тастыйықлаў, дизимнен өткериў, бийкарлаў ҳәм оларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў;
Стандартлардыӊ бирден-бир мәлимлеме базасын қәлиплестириў, жүргизиў ҳәм тарқатыў жумысын шөлкемлестириў;
Стандарластырыў режесин қәлиплестириў;
Техникалық жақтан тәртипке салыў, стандарластырыў, метрология, муўапықлықты баҳалаў, сондай-ақ, ветеринария, карантин ҳәм санитария тараўлары қәнигелериниӊ маманлығын арттырыў менен оларды аттестациядан өткериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеде:
миллий стандартларға қойылатуғын талаплар, миллий стандартлардыӊ дүзилиси, миллий стандартларды ислеп шығыў ҳәм келисиў, экспертизадан өткериў, тастыйықлаў ҳәм дизимнен өткериў, өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳәм бийкарлаў тәртиби;
Стандартлардыӊ бирден-бир мәлимлеме базасыныӊ қурамы, мәлимлеме базасын толтырыў ҳәм жүргизиў, мәлимлеме базасындағы стандартларды тарқатыў, стандартластырыў режесин қәлиплестириў, қаржыландырыў тәртиби;
қәнигелердиӊ маманлығын арттырыў, аттестациядан өткериў, талабанлардыӊ ҳүжжетлерин көрип шығыў, маманлық арттырғанлығы ҳәм аттестациядан өткенлиги ҳаққындағы бирден-бир реестрди жүргизиў тәртиби белиглеп берилген.
ӨзА