Россия Федерациясыныӊ мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Олег Мальгиновтыӊ пикиринше, “Крокус сити холл”да әмелге асырылған апатшылық террорға қарсы гүресиўде халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў қаншелли әҳмийетли екенин және бир мәрте көрсетти.
– Пүткил Россия халқы тереӊ қайғыда, – деди елши. – Адамгершиликке жат, жаўыз террор саламат пикирли барлық инсанлардыӊ қәлбин жаралады. Өзбекстанда биз пүткил халықтыӊ бул қәўипли апатшылыққа мүнәсибетин көрдик. Президент Шавкат Мирзиёев Россия Президентине бириншилерден болып кеўил билдирди. Елшиханаға келип яки хат арқалы, әпиўайы сөз бенен емес, ал ҳақыйқый, шын жүректен кеўил билдирген ҳүкимет ўәкиллерине де миннетдаршылық билдиремиз. Халықтыӊ қайғысын жеӊиллестириў, жәбирленгенлер тәўир болып кетиўине жәрдемлесиў ушын Россия алдында еле көп жумыс турыпты. Үмит етемиз, жақын келешекте бирге ислесиўимиз және де раўажланады. Президент Шавкат Мирзиёевқа, барлық мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллерине, аўыр ҳәм қайғылы жағдайда бизлерге ийинлес болған барлық өзбекстанлыларға және бир мәрте миннетдаршылық билдирип, қызғынтилеклеримди жоллайман.
ӨзА