Ҳәр жылы 21-февраль күни дүньяның көплеген мәмлекетлеринде Халықаралық гидлер күни белгиленеди.

Усы мүнәсибет пенен Ташкентте VII Өзбекстан гидлер форумы өткерилди. Илажда 300 ден аслам халықаралық қатнасыўшы, тәжирийбели гидлер, туризм тараўындағы қәнигелер, мәмлекетлик шөлкемлер, илим ҳәм билимлендириў мәкемелериниң орынлары ўәкиллери қатнасты. Бул илаж Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигине қараслы Туризм комитети ҳәм Туризмди раўажландырыў илимий-изертлеў институты менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Форумның ашылыўында Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигине қараслы Туризм комитетиниң баслығы Умид Шадиев, Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов, Ташкент қаласы ҳәкиминиң туризм, спорт, мәденият, мәдений мийрас ҳәм ғалабалық коммуникациялар мәселелери бойынша орынбасары Фахриддин Давруқов шығып сөйледи.

– Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен республикада туризм тараўын жедел раўажландырыў бойынша алып барылып атырған үлкен ис-ҳәрекетлерди айырықша атап өтиў керек, – дейди Туризм комитетиниң баслығы У.Шадиев. – Атап айтқанда, сырт еллерден сапар ушын виза режими әпиўайыластырылды. Ҳәзирги ўақытта виза режими әпиўайыластырылған мәмлекетлердиң саны 93 ге жетти. Тараўдағы реформалар себеп, өткен 2023-жылы мәмлекетимизге сырт елден 7 миллионға шамалас турист келди. Олардың қалыў мүддети орташа 4 күнге шекем созылды. «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» бағдарламасына тийкарланып аймақларға 21 миллион жергиликли турист сапары шөлкемлестирилди.

Туризмниң сапасын тәмийинлеўде мийманлар ҳәм туристлер менен тиккелей ислесетуғын гидлер, экскурсоводлар әҳмийетли роль атқарады.

Форумнан гөзленген мақсет экскурсия тараўында тәжирийбе ҳәм билим алмасыў, туризм индустриясының әҳмийетли бағдарлары ҳәм перспективаларын додалаў, сондай-ақ, өзбекстанлы ҳәм сырт елли шериклер арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўден ибарат.

Форум шеңберинде «Экскурсия хызмети: билимлендириў, илим ҳәм әмелият симбиозы» темасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти ҳәм онда туризм тараўының белгили илимпазлары, экспертлери ҳәм аналитиклери лекция оқыды.

Сондай-ақ, Туризмди раўажландырыў илимий-изертлеў институты менен Түркия, Қазақстан ҳәм Өзбекстанның түрли билимлендириў ҳәм туризм шөлкемлери арасында өз-ара түсинисиў ҳәм бирге ислесиў меморандумларына қол қойылды.

Муҳайё ТОШҚОРАЕВА,
ӨзА хабаршысы