Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетинде Әлийшер Наўайы туўылған күниниң 583 жыллығы мүнәсибети менен «Әлийшер Наўайы ҳәм Шығыс Ренессансы» атамасында III халықаралық симпозиум болып өтти.

Бул илаж Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық жәмийетлик фонды ҳәм Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының басшылығында өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының Социаллық раўажланыў департаментиниң баслығы Одил Абдураҳмонов, Илимлер академиясының вице-президенти Баҳром Абдуҳалимов, Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық шайыры Сирожиддин Саййид, Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң баслығы Нодиржон Холбўтаев, Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық жәмийетлик фондының атқарыўшы директоры Олимжон Давлатов, усы университет ректоры Гулчеҳра Рихсиева ҳәм басқалар Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы тийкарында уллы ата-бабаларымыз, әсиресе, Әлийшер Наўайының мийрасын үйрениў бағдарындағы ийгиликли ҳәрекетлер нәтийжесинде мәмлекетимиз емес, ал халықаралық көлемде де өзине тән сәўлелендирип атырғанын атап өтти.

Симпозиумда Әзербайжан Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ҳусайн Гулиев, Түркия Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Олган Бекар ҳәм басқалар Әлийшер Наўайы түркий әдебиятта уллы тулға екени, улама шайыр өз дөретиўшилигинде түркий халықлар дослығын жырлаўы менен бирге пүткил дүнья халқын аўызбиршиликке шақыратуғынын атап өтти.

Ҳақыйқатында да, симпозиумның усы университетте өткерилиўи де бийкарға емес. Ойшыл шайыр дөретиўшилигин үйрениўде Алибек Рустамов, Азиз Қаюмов, Суйима Ғаниева ҳәм басқа да шығыстаныўшы-наўайытаныўшы илимпазлардың пидәкерлик мийнети шексиз.

Кейинги жылларда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Наўайы мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бағдарындағы ибратлы басламалары мәмлекетимиз ҳәм сырт мәмлекетлерде де кеңнен ен жайды. Өзбекстанда Наўайы дөретиўшилиги, улыўма етип айтқанда, наўайытаныўдың өзине тән, бийтәкирар ҳәм үлкен мектеби қәлиплести. Наўайы мийрасына байланыслы изертлеўлер алып барыў, оның шығармаларын басып шығарыў, сөзлик ҳәм илимий монографиялар жаратыў бағдарындағы жумыслар турақлы алып барылмақта.





















– Әлийшер Наўайы өз шығармалары менен дүнья әдебиятына да өзине тән тәсир көрсеткен, – деди кипрли профессор Қадир Гулкариян. – Бул симпозиумда усы атаманы шайырдың «Муҳокамат ул-луғатайн» шығармасы арқалы таллаў имканияты жаратылды. Бул шығарма бүгинги күнде араб мәмлекетлеринде, АҚШ, Германияда да изертленбекте. Наўайы шығармасындағы сөзлердиң негизиндеги мәнислер ғәзийнесин салыстырып үйрениў және көплеген илимий жумысларға атама болыўы мүмкин.

– Наўайыға Өзбекстандағыдай мисли көрилмеген жоқары статустағы қарым-қатнасты дүньяның ҳеш бир мәмлекетинде ушыратпадым, – деди аўғанстанлы илимпаз Азизулло Орол. – Бул болса мәмлекетиңизде Наўайы мийрасы оның туўылған сәнесинде емес, ал турақлы атап өтилиўи, үйренилиўи, үгит-нәсиятланыўының әмелий нәтийжеси болып табылады. Әлийшер Наўайының уллылығы сонда, ол көп әсирлер алдын жасап, дөретиўшилик еткен болса да, өз шығармаларында бизиң бүгинги машқалаларды да ашып берген. Соның менен бирге, Өзбекстанда оның атамасы менен аталатуғын ҳәм дүнья жүзинде бирден-бир болған Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети дүзилген. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстандағы ең ири ўәлаятлардан бири Наўайы атамасы менен аталады. Оның шығармалары қайта-қайта басып шығарылмақта. «Ғәрезсизлик дәўири өзбек наўайытаныў» отыз томлық комплекстиң басып шығарылыўы дыққатқа ылайық болып табылады.

Халықаралық симпозиумда дүньяның түрли мәмлекетлеринде жумыс алып барып атырған наўайытаныўшы илимпазлар уллы шайыр Әлийшер Наўайы мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўдың келешектеги перспективаларын ҳәр тәреплеме додалады.

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы