«Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманының жойбары кең жәмийетшиликтиң додалаўы ушын жәрияланды.
Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында 5 тийкарғы бағдар бойынша төмендегилер белгиленбекте:
– әмелий илажлар режелери;
– нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер дизимлери.
Додалаўлар 2024-жылдың 31-январынан 9-февралына шекем даўам етеди.
«Раўажланыў стратегиясы» орайының жәмәәти ҳәммени 2024-жылғы Мәмлекетлик бағдарлама жойбарын додалаўда белсене қатнасып, өз усынысларын Орайдың арнаўлы uzbekistan2030.uz онлайн порталы арқалы билдириўи мүмкин екенин мәлим етти.
А.Рустамов, ӨзА