Қытайдың раўажланыўы ҳәм перспективалы режелери пүткил дүньяда үлкен қызығыўшылық оятпақта.

Қытай Халық Республикасы Өзбекстан ғәрезсизлигин бириншилерден болып, 1991-жылы 27-декабрьде тән алған. Соннан берли еки мәмлекет арасындағы дипломатиялық қатнасықлар ҳәм бирге ислесиў байланыслары нәтийжели даўам етип келмекте.

Бүгинги күнде Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы ҳәп тәреплеме стратегиялық қатнасықлар жедел ҳәм турақлы түрге енбекте. Еки мәмлекет басшыларының өз-ара сапарлары ҳәм ушырасыўлары барлық дәрежедеги бирге ислесиў байланысларын және де беккемледи.

Соңғы жыллары Қытай Өзбекстан ушын 6 мың 500 ден артық түрли кәсиплер ушын қәнигелер таярлап берди. Туризм тараўындағы шериклик нәтийжесине бола, Қытайдың 2023-жылы басланған Хийўаны археологиялық реставрациялаў жойбары табыслы жуўмақланып, әййемги қалаға жаңа көрик бағышлады. Енди мәмлекетимиздиң дыққатқа ылайық әййемги орынларын зыярат етиў имканиятына ийе болған қытайлы туристлердиң саны барған сайын артып бармақта.

Әсиресе, Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы жарлылықты қысқартыў бойынша бирге ислесиў жаңа басқышқа алып шығылды.

Қытайдағы Кәмбағаллықты қысқартыў халықаралық орайы тәрепинен өзбекстанлы қәнигелер ушын әмелий семинар шөлкемлестирилди. Онда жәми 20, соннан 12 ҳәким жәрдемшиси ҳәм 8 министрлик ҳәм оның қурамындағы шөлкем ўәкиллери қатнасты.

Өз гезегинде, 9 мың 442 ҳәким жәрдемшилери Қытайдың кәмбағаллықты қысқартыў бойынша тәжирийбесин үйрениў мақсетинде онлайн семинарда қатнасты. Семинар процесинде Қытай тәрепинен қатнасыўшыларға теориялық билимлерден тысқары әмелий тәжирийбелер де үйретилди.

Атап айтқанда, оқыў сабақларына Қытайда кәмбағаллықты қысқартыў бойынша жаңа механизмлерди енгизген пуқаралар, исбилерменлер ҳәм жергиликли ҳәкимият ўәкиллери мирәт етилип, өз тәжирийбелери менен ортақласты.

Усы жылы болса Қытайда тәжирийбе алмасатуғын қәнигелердиң санын 100 ге жеткериў режелестирилген. Үйренилген билим ҳәм тәжирийбелерди мәмлекетимизде қолланыў мақсетинде 14 районды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша комплексли илажлар ислеп шығылды. Усы аймақлардағы халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, мәҳәллелерди абаданластырыў жумыслары «Абат үй – абат көше – абат мәҳәлле» критериялары тийкарында жедел пәтлерде алып барылды.

Қытай менен байланысларды беккемлеў мақсетинде 2023-жылдың октябрь айында Пекин қаласында болып өткен «Бир мәкан, бир жол» халықаралық форумында Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳәм Қытай халық Республикасы Реформалар ҳәм раўажланыў бойынша мәмлекетлик комитети арасында түсиниў меморандумына қол қойылды.

2023-жылдың 29-декабрь күни болып өткен киши комитеттиң дәслепки мәжилисинде 2024-жылдағы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды. Қытай Халық Республикасы Аўыл хожалығы ҳәм аўыл ислери министрлиги менен биргеликликте әмелге асырылатуғын 5 жыллық илажлар бағдарламасын ислеп шығыў, ҳәким жәрдемшилери ушын Қытайдың кәмбағаллықты қысқартыў бойынша турақлы семинарларын шөлкемлестириў ҳәм олардың графикалық-бағдарламасын тастыйықлаў мәселелери киреди.

Буннан тысқары, Қытайдың Цянсу провинциясы менен биргеликте электромобиллерди оңлаў ҳәм оларға техникалық хызмет көрсетиў бойынша өзбекстанлы электромеханиклерди оқытыў ҳәм тәжирийбесин арттырыў бойынша келисимге ерисилди. Нәтийжеде кәсип-өнер орайларындағы 30 оқытыўшының дизими қәлиплестирилди. Усы жылдың февраль айынан баслап олар реже тийкарында Қытай мәмлекетине тәжирийбе алмасыўға жибериледи.

2022-жылы Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары өз-ара қатнасықлар қаншелли беккемлигиниң дәлили болып есапланады. Оның «Өзбекстан – Қытай қатнасығының айқын келешегин биргеликте жаратыў жолында» темасындағы мақаласында «Қытай ҳәм Өзбекстан уллы дәстүрге ийе әййемги мәмлекет. Уллы жипек жолы халықларымыздың 2000 жылдан аслам ўақыт даўамындағы дослық байланысларынан дәрек береди. Өзбекстан − Орайлық Азияның дәл ортасында жайласқан үлкен мәмлекет. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өзбек халқы Жаңа Өзбекстанды қурыўға қарай уллы жолға түсип алғанлығын айрықша атап өтиў керек. Түрли тараўлардағы реформалар ҳәм раўажланыў пәти жедел түс алғанлығын атап өтиў керек. Мәмлекет улыўма жаңа көриниске ийе болды, мүнәсип турмыс шараяты жаратылмақта, республиканың халықаралық майдандағы абыройы сезилерли рәўиште беккемленди. Дослық ҳәм ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик ретинде табысларыңыз бизди шын жүректен қуўантты», деп өз алдына атап өткен.

Президент Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң мирәт етиўине бола, 2023-жылдың 18-19-май күнлери усы мәмлекетке барды. Бул сапар етиў өз-ара бирге ислесиўдиң толық жаңа басқышын баслап берди, десек, қәтелеспеймиз. Сондай-ақ, Президент Шавкат Мирзиёев Қытай баслығы Си Цзиньпинниң мирәт етиўи бойынша 2023-жылы 17-18-октябрь күнлери Пекин қаласында болып өткен «Бир мәкан, бир жол» үшинши халықаралық форумы илажларында қатнасты. Сапар даўамында Шавкат Мирзиёев ҳәм Қытай Халық Республикасы баслығы Си Цзиньпин қоспа баянатқа қол қойды. 2023-2027-жылларға мөлшерленген Өзбекстан менен Қытай Халық Республикасы арасында жаңа дәўирдеги ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти раўажландырыў бағдарламасын қабыл етти. Сапар даўамында еки мәмлекет арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.

2023-жылдың ноябрь айында Ташкентте Қытай Шет тиллериндеги әдебиятлар басылымы, Фуцзянь провинциясиның Халық басылымы ҳәм «Өзбекстан» баспа-полиграфия дөретиўшилик үйиниң шөлкемлестириўинде Қытай Халық Республикасы баслығы Си Цзиньпинниң өзбек тилинде басып шығарылған «Кәмбағаллықтан қутылыў» китабының презентациясы болып өтти ҳәм жәмийетшиликте үлкен қызығыўшылық оятты. Усы китапта Қытай аўылларында халықтың дәраматын арттырыў, кийим-кеншек ҳәм жетерли азық-аўқат пенен тәмийинлеў, сондай-ақ, халықтың билим алыўы, емлениўи ҳәм турақ жай менен тәмийинлеўи бойынша көплеген әмелий тәжирийбелер келтирип өтилген.

Жәҳән банки критерияларына бола, кәмбағаллық шегарасынан да төмен дәрежеде – оғада жарлы аўҳалда жасаған 800 миллионнан аслам халықты қысқа мүддетте әне, усындай ашынарлы жағдайдан алып шығыўға ерисип, Қытай мәмлекети инсаният тарийхында бурын бақланбаған уллы революциялық исти әмелге асырғанына исеним пайда етемиз.

Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстан стратегиялық байланысларды жоқары қәдирлейди ҳәм Қытайды турақлы рәўиште исенимли шериклик, жақсы қоңсы, жақын дос сыпатында көрип келген ҳәм сондай болып қалады.

Сардор РАҲМОНОВ,

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик

министрлиги басқарма баслығы,

ӨзА