Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси шөлкемлестириўинде Төрткүл районында Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының көшпели қабыллаўы болып өтти. Бул илаж елимизде «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принципти әмелде жүзеге шығарыў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Қабыллаўдың мақсети барлық тараўларда нызамшылықты тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, кәсип-өнер колледжи питкериўшилерин жумыс пенен тәмийинлеў, инсан ҳуқықларын ҳәм мәплерин қорғаў бағдарындағы жумыслар бойынша  мәпдар шөлкемлердиң басшыларының халық алдындағы есапларын тыңлаў системасын жетилистириў  болып табылады.

Көшпели қабыллаўда Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасындағы ҳәм Төрткүл районындағы Халық қабыллаўханаларына келип түскен  40 қа шамалас мүрәжатлар тараў басшыларының қатнасында көрип шығылды.

Көтерилген мүрәжатлар тийкарынан халықты жумыс пенен тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, коммуналлық хызмет көрсетиў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, банк-кредит, пенсия тәмийнаты ҳәм напақалар, аймақларға тәбийғый газ ҳәм ишимлик суўын тартыў, ишки жолларды оңлаў ҳәм асфальтлаўға байланыслы мәселелер болып, олардың көпшилиги сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты, ал қалғанлары тийисли уйымлар тәрепинен үйренип шығылатуғын болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги