Уллы Мәртебели Мырза!

Сиз бенен ушырасыў мен ушын үлкен ҳүрмет болды. Сизге, Өзбекистан Республикасы ҳүкимети ҳәм халқына жақында елиңизге сапар етиўим ўақтында көрсетилген жоқары миймандослық ҳәм шын жүректен көрсеткен қабыллаўыңыз ушын шын кеўилимнен миннетдаршылық билдиремен.

Ушырасыўымызда Сиз айтқан ҳәм Сизиң басламаңыз бенен ислеп шығылған 2017-2021 жылларға мөлшерленген Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында Өзбекистан Республикасын буннан былайда раўажландырыў бойынша бағдарламаңыз менде үлкен  тәсир қалдырды. Усы ҳүжжет БМШ Турақлы раўажланыў мақсетлери ҳәм 2030-жылға шекем турақлы раўажланыў бағдарламасы менен үнлес болып, Өзбекистан ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеми арасындағы бирге ислесиўди еле де кеңейтиў ушын тийкар сыпатында хызмет етиўи мүмкин. Сизиң қоңсы мәмлекетлер менен бирге ислесиўди жеделлестириў бағдарындағы ҳәрекетлериңизди толық қоллап-қуўатлайман. БМШ Сизиң ҳүкиметиңизди улыўмалық мақсетлеримизге, соның ишинде,  Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў, регионлық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм превентив дипломатияны раўажландырыў барысындағы мақсетлерге ерисиў ушын қоллап-қуўатлаўға таяр.

Сиз ҳәм ҳүкиметиңизге БМШның Орайлық Азияда превентив дипломатия бойынша регионлық орайды толық қоллап-қуўатлап атырғаныңыз ҳәм бирге ислесип атырғаныңыз ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Орайлық Азияға сапарымның тийкарғы мақсетлеринен бири болған Нөкис ҳәм Мойнаққа барыўыма көмеклескениңиз ушын айрықша рахмет айтаман. Арал теңизи тезлик пенен қурып баратырғаны мени қатты тәшўишке салды ҳәм бул апатшылықтан қыйыншылық көрип атырған халық пенен ушырасыўдан жүдә тәсирлендим. Исендирип айтаман, БМШ Сизиң усы апат ақыбетлерин сапластырыў жолындағы ҳәрекетлериңизди буннан кейин де қоллап-қуўатлаўға таяр.

Ҳүкиметиңиз сапарым даўамында кең логистикалық жәрдем көрсеткени сапарымның табыслы өтиўинде әҳмийетли роль ойнады. Буның ушын да миннетдаршылық билдиремен.

Уллы жипек жолының дурданаларынан бири болған гөззал Самарқандты және бир мәрте көргенимнен жүдә қуўанышлыман. Мәдениятлар кесилиспесинде жайласқан бул қаланың көп әсирлик тарийхы ҳәм көп қырлы мәденияты бүгин де пүткил дүнья жүзи ушын үлги болып қалмақта.

Өзбекистан Республикасы БМШ менен исенимли бирге ислесип атырғанлығы ушын миннетдаршылық билдиремен ҳәм Өзбекистан халқының мәпи жолында бирге ислесиўимизди даўам еттириўимизди сабырсызлық пенен күтемен.

Уллы Мәртебели Мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Шын жүректен ҳәм хақ нийетли тилеклер менен

Антониу ГУТЕРРИШ,

БМШ Бас хаткери