Ферғана районлар аралық экономикалық судының 2022-жыл 22-декабрьдеги суд буйрығына тийкарланып, қарыздар Шымбай районы жоллардан пайдаланыў кәрханасынан өндириўши “Асл гранд оил” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң пайдасына жәми 583,3 миллион сум қарыздарлықты өндирип бериў белгиленген еди.
Суд ҳүжжети усы жыл 20-январь күни Мәжбүрий орынлаў бюросының Шымбай районы бөлимине ис жүргизиўге келип түсип, орынлаў иси қозғатылған. Мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери даўамында қарыздар кәрханаға ықтыярлы мүддет берилип, тийисли шөлкемлерге сораўнамалар жиберилген ҳәм банктеги есап бетине шеклеў орнатылған.
Нәтийжеде қысқа мүддеттиң ишинде, усы жылдың 10 апрелинде белгиленген 583,3 миллион сум қарыздарлық өндирилип, Өзбекстан Республикасының “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы 41-статьясы тийкарында тамамланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги