Бас прокуратура жанындағы департамент  ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети  Қарақалпақстан Республикасы басқармалары  тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясының жетекши инспекторына пара усынған кәрхана баслығының орынбасары усланды.

Атап айтқанда, оператив илаж даўамында  “Q.K.” ЖШЖ баслығының орынбасары Я.А. кәрханасы тәрепинен оқыў лабораториясы имаратын қурыўда төмен маркалы монолит бетон қолланылғанлығы себепли  тырнағын бузып, сметада көрсетилгендей етип  қайта қурыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы қурылыс тараўында қадағалаў  инспекциясының электрон көрсетпесин орынлаўсыз қалдырыў ушын жетекши инспекторға 5 мың АҚШ долларын усынған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланған.

Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы жынаят Кодексиниң  211-статьясы (пара бериў) менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги