Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалында студент-жаслардың социаллық шараятын жақсылаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бос жумыс орынлары ярмаркасы болып өтти.

Жоқары оқыў орынларының студент-жаслары менен ислесиў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалардан келип шығып, студентлер ислеўи мүмкин болған жумыс орынларын анықлаў, жумыс бериўшилер менен биргеликте «Карьера күни» мийнет ярмаркасын өткериў режеси ислеп шығылған.

Ярмаркада Нөкис қаласынан ҳәм Тақыятас, Нөкис, Хожели районларынан 35 мәкеме-кәрхана өзлериниң 100 ге шамалас бос жумыс орынлары менен қатнасты. Нөкис қаласының өзинде 22 ҳәм 1-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде бос жумыс орынларының бар екенлиги ижарада жасайтуғын студент-қызлар ушын жақсы жаңалық болды.

Ярмаркаға келген студент-жаслар жумыс орынлары менен танысып ғана қоймастан, жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллерине өзлерин қызықтырған сораўлары менен мүрәжат етти.

Ярмаркадағы жумыс бериўши шөлкемлердиң көпшилиги Нөкис қаласына жақын болған Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринен келген болып, олар тийкарынан, көркем өнер түрлери бойынша муғаллимлерге жақсы айлық мийнет ҳақысы тийкарында жумысқа алыў усынысын билдирди.

Буннан тысқары 3-4-курс студентлери ушын усы мектеплерде дөгереклер шөлкемлестирилгени ҳәм қосымша жеңилликлер ҳаққында мағлыўмат берди.




Қарақалпақстан хабар агентлиги