12- май күни Нөкис районы  Мәлимлеме- китапхана орайында район аймағында китапқумарлықты еле де раўажландырыў мақсетинде,  «Ең китапқумар шаңарақ»  таңлаўы шөлкемлестирилди.

Оған район аймағында жасаўшы китап оқыўға қызығыўшы шаңарақлар қатнасты.

Таңлаў 4 шәрттен ибарат болып, онда қатнасыўшылар өз шаңарағын таныстырыў, дәсме-дәс қосық айтыў, өзлери оқыған китап шығармаларынан сахналық көринис таярлап,  қосықларынан үзиндилер айтыў, еркин темада өз өнерлерин көрсетиў шәртлери бойынша өз-ара беллести.

-Шаңарақта аўызбиршилик ҳәм татыўлық болса, жәмийет тыныш ҳәм абадан болады,-дейди бизге  Нөкис районы  Мәлимлеме- китапхана орайының бөлим баслығы Улзада Мамутова.-Буның ушын шаңарақ ағзалары билимли ҳәм саналы инсанлар болыўы керек. Бул ушын әлбетте, адамлар китап оқыўы лазым. Сонлықтан усы таңлаўды өткерип атырмыз.

Таңлаў жуўмағында Руслан Зайытбаевтың шаңарағы  «Ең қәбилетли», Алишер Қуўанышбаевтың шаңарағы « Ең билимдан», Асқар Ешмуратовтың шаңарағы  «Ең билимдан», Қонысбай Қайыпназаровтың шаңарағы «Ең зийрек», Баҳадыр Халмуратовтың шаңарағы  «Ең үлгили»  шаңарақ номинациялары бойынша жеңимпаз атанып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы