Моделлер бюти-сферадағы ең жақсы қәнигелердиң хызметинен пайдаланыў мүмкиншилигине ийе. Бирақ олардың гөззаллығы мудамы қымбат емлеў ҳәм ең жақсы косметиклиқ өнимлердиң нәтийжесинде емес. Тери ҳәм шашты жақсы сақлаў ушын әпиўайы емлениў усылларынан да пайдаланса болады. Бул үйде таярланатуғын рецептлердиң бири социаллиқ тармақ пайдаланыўшыларыниң арасында белгили. Кишмишли суў ишиў бет терисиниң саламатлығына жақсы тәсир көрсетеди.
Бул суўдың және бир абзаллығы сонда, оны турақлы түрде ишиў керек емес. Жақсы нәтийже ушын айына тек 5-6 күн ажыратыў жеткиликли. Кишмиш қурамындағы В, С ҳәм Е витаминлери себепли бир неше ҳәпте ишинде териңиз тегис ҳәм жақсы көриниске ийе болып, майда безеўлерди жоқ етеди .
Кишмишли суў қалай таярланады?
Бир ас қасық кишмишти жақсылап жуўып, жуўылған кишмишлерди кеште бир стакан жыллы суўға салып қойың. Азанда ишимлик тайын болады .
Интернет мағлыўматлары тийкарында таярлаған
Хамре Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы
Тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги