Диетолог Александр Лапина кефирди ең пайдалы ферментленген сүт өними деп атады. Бул ҳаққында РИА Новости жазбақта. Оның сөзлерине бола, бул ишимлик жүрек-қан тамыр ҳәм нерв системасына пайдалы тәсир көрсетеди, сондай-ақ, кальций дәреги болып есапланады.
«Оның қурамында белоклар, майлар ҳәм микроэлементлер бар. Ол ашлықты болдырмайды ҳәм метаболизмди жақсылайды. Ишеклерге унамлы тәсир етеди, исиреди, метаболизмди тезлестиреди, токсинлерди денеден алып таслайды»,-дейди Лапина.
Қәнигениң қосымша етиўинше, денсаўлыққа пайдалы болыўы ушын ҳәр күни кефир ишиў усыныс етиледи.
Интернет мағлыўматлары тийкарында таярлаған
Хамре Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы
Тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги