Ташкентте 17-май күни Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң өсимликлер карантини тараўындағы министрликлери, уйымлары басшыларының биринши мәжилиси болып өтти.
ШБШ Бас хаткери Чжан Мин ушырасыў қатнасыўшыларына видеомүрәжат жоллады.
Илажда өз-ара исеним, пайдалы бирге ислесиў тең ҳуқық ҳәм цивилизациялардың ҳәр түрлилигин ҳүрмет етиўге тийкарланған «Шанхай руўхы» принципинен келип шығып әмелге асырылатуғын биргеликтеги ҳәрекетлер әҳмийетли машқалалар ҳәм стратегиялық ўазыйпаларды шешиўде тийкарғы механизм жаратыў имканиятын беретуғыны айрықша атап өтилди.
Ҳәммемизге белгили, өз-ара саўданы хошаметлеў ҳәм структураға ағза мәмлекетлердиң аўыл хожалығы өнимлери базарын басқышпа-басқыш ашыўға жәрдемлесиў, сондай-ақ, өсимликлер карантини тараўында жумыс алып барыўшы орайлар ҳәм лабораториялардың илимий-изертлеў потенциалын арттырыўға илимий-техникалық қатнас ШБШ шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары болып есапланады.
Усы мәниде Өзбекстан тәрепинен ШБШға басшылық шеңберинде өсимликлер карантини тараўында көп тәреплеме бирге ислесиўди ҳәм өз-ара исенимди беккемлеў және халықаралық саўда-экономикалық байланысты және де раўажландырыў ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде жаңа форматтағы арнаўлы платформа жаратыў усыныс етилгени әҳмийетли. ШБШ қағыйдаларын енгизиў, өсимликлерди қорғаў ҳәм өнимлерди тасыў тәртибин үйлестириў бойынша халықаралық конвенция ҳәм БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАЩ) тәрепинен қабыл етилген стратегиялық мақсетлерди әмелге асырыўға жәрдем береди. Усы тәризде Өзбекстан ШБШ шеңберинде дүнья азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге үлес қосады. Бақлаўшы мәмлекетлер ҳәм шериклердиң қатнасыўы болса өз-ара пайдалы бағдарларды кеңейтиўге жол ашады. Булардың барлығы елимиздиң өз ўақтында алға қойған перспективалы басламасының нәтийжеси, деп айтыў мүмкин.
Жаңа механизм күн тәртибинен бир қатар әҳмийетли мәселелер орын алған. Атап айтқанда, қатнасыўшылар өз мәмлекетлери аймағын тәртипке салынатуғын зыянлы организмлер кирип келиўинен қорғаў, ағза мәмлекетлер арасында аўыл хожалығы өнимлери саўдасын арттырыўға жәрдемлесиў мақсетинде өсимликлер карантини бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў, бул бағдарда тәжирийбе ҳәм мәлимлеме алмасыў, сондай-ақ, қадағаланатуғын өнимлерди алып өтиўде өз-ара тәсир ҳәм бақлаўды тәмийинлеў мәселелерин додалады.
Буннан тысқары, тәреплер өсимликлер карантинин тәмийинлеўде қоспа илажлар, соның ишинде, ШБШға ағза мәмлекетлер Мәмлекетлик басшылары кеңеси ҳәм Ҳүкимет басшылары кеңесиниң қарарларын әмелге асырыў бойынша Ҳәрекетлер режелерин белгиленген мүддетлерде ислеп шығыўға келисип алды.
Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы