Өзбекстан Кураш федерациясының Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен Мойнақ районында «Кураш олимпиадаға қарай. Гендер теңлик» атамасында семинар-тренинг болып өтти.

Мойнақ районы ҳәкимлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген илажға Қарақалпақстан Республикасы менен Хорезм ўәлаятынан спортшы қызлар  ҳәм олардың тренерлери қатнасты.

Илажда Өзбекстан Кураш федерациясы баслығының биринши орынбасары, заманагөй кураштың тийкарын салыўшысы К.Юсупов, Мойнақ районының ҳәкими Б.Меңлибеков шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басшылығында миллий спорт түрлеринен бири болған курашты раўажландырыў, оны халқымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, палўанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Бүгинги күни кураш тек ғана ер балалардың емес, ал қызларымыздың да сүйикли спорт түрлеринен бири есапланады. Бул спорт түри дүньяның 130 дан аслам мәмлекетинде раўажланған. Соңғы жыллары спортшы қызларымыз халықаралық жарысларда жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте. Олардан Зулхожа Худаярова, Санеайым Еркинбаева, Амангүл Алланазарова, Қундыз Байманова сыяқлы спортшыларды атап өтиўге болады. Елимиз басшысының қоллап-қуўатлаўы менен кураш спорт түри 2018-жылы Индонезия мәмлекетиниң Жакарта қаласында болып өткен Азия ойынларының бағдарламасына киргизилиўи тарийхый ўақыялардың бири болды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 4-ноябрьдеги «Кураш миллий спорт түрин раўажландырыў ҳәм оның халықаралық абырайын буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды. Қарарға муўапық 2021-2025-жылларда ўәлаят орайлары, Нөкис ҳәм Ташкент қаласында кураш шеберлик мектеплерин қурыў,  Өзбекстан Миллий Олимпиада комитети ҳәм министрлик пенен биргеликте кураш спорт түрин 2025-жылға шекем жаңа басқышқа алып шығыў концепциясы, оны әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды. Ендиги баслы ўазыйпа курашты Олимпиадаға ойынларының бағдарламасына киргизиў болып табылады.

Буның ушын гендер теңлиги айрықша әҳмийетке ийе. Семинар тренингти өткериўден тийкарғы мақсет, усы спорт түрин қызлар арасында кеңнен раўажландырыў, сол арқалы Олимпиада қарай қәдем таслаў болып табылады.

Жоқарыдағы қарар талапларын орынлаў бағдарында Өзбекстан Кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен айтарлықтай жумыслар әмелге асырылғанлығы айрықша атап өтилди. Қала ҳәм район, республика бириншиликлери өткерилип, оның жеңимпазлары баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Бул илажларды өткериўде Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, қалалық ҳәм районлық прокуратуралар жақыннан жәрдем бермекте. Өзбекстан Кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен жыл даўамында жоқары нәтийжелерге ерискен спортшылар, тренерлер, төрешилер, ветеранлар, жарыс шөлкемлестириўшилерди хошаметлеп барыў дәстүрге айланбақта.

-Соңғы жыллары ҳаял-қызлар арасында спортты, соның ишинде, курашты раўажландырыўға айрықша әҳмийет берилмекте,-дейди семинар-тренинг қатнасыўшысы Сарбина Узақбаева.- Өзбекстан Кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен өткен жылдың жуўмағына бағышланып өткерилген илажда  «Жылдың ең жақсы қыз спортшысы» номинациясының жеңимпазы болдым. Үш мәрте кураш бойынша Өзбекстан чемпионаты ҳәм кубоги жарысына қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп қайттым. Ҳәзирги ўақытта Мойнақ районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде жасларға спорт сырларын үйретип киятырман. Келешекте маған берилген бул сыйлықты ақлап, буннан да жоқары нәтийжелерге ерисиўге ҳәрекет етемен. Семинар-тренингтиң Мойнақ районында өткерилиўи жасларымыздың, соның ишинде, қызларымыздың усы спорт түрине болған қызығыўшылығын және де арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе болды.

Күнниң екинши ярымында районлық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде К.Юсуповтың қатнасыўында шеберлик шынығыўлары өткерилип, пайдалы пикир алысыўлар болды. Семинар-тренинг қатнасыўшыларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.