Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Майыплығы болған адамларды ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, 2022-жыл 1-апрельден:

– мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм мийнет стажы толық болмаған жағдайдағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда 440 000 сумнан 622 000 сумға шекем көбейтиледи;

– өзгелердиң күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа толмаған балалардың тәрбиясы менен бәнт болған баланың нызамлы ўәкилине ҳәр айда 500 мың сум муғдарында напақа төлеми (күтим напақасы) енгизиледи.

Күтим напақасы Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына (my.gov.uz) мүрәжат етиў тийкарында бюджеттен тысқары Пенсия қорының районлық (қалалық) бөлимлери тәрепинен тайынланады ҳәм төленеди.

Пәрманға муўапық, 2022-жыл 1-апрельден өзгелердиң күтимине мүтәж болған балалар ҳаққындағы, 2022-жыл 1-октябрьден өзгелер күтимине мүтәж балалардың нызамлы ўәкиллери ҳаққындағы мағлыўматлар бюджеттен тысқары Пенсия қорына электрон тәризде усынылып барылады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.