Бурынлары наўқасларды емлеп атырған ямаса операция ислеп атырған роботларды тек ғана фантастикалық фильмлерде көргенбиз. Енди болса бул жағдайлар ҳақыйқатқа айланбақта.

Хирургия тараўында инновациялық технологиялар, атап айтқанда, оғада анық ислейтуғын роботлардан пайдаланыў заманагөй медицина имканиятларын мисли көрилмеген дәрежеже кеңейтти.

Итибарлысы, жасалма ақыл менен басқарылатуғын бундай қурылмалар ҳеш қашан шаршамайды ҳәм күнине 24 саат даўамында тәнеписсиз ислей алады.

Уллы Британияның Лидс университетиниң илимпазлары узақ излениўлерден кейин өкпе рагин анықлаў ҳәм емлеўде қолайлы робот жаратты.

Бул инновация өкпе ҳәм бронхлардың ең нәзик қатламларындағы рак клеткаларынан үлги алыўға уқыплы. Қалаберсе, оның жәрдеминде қәўипли исиклер жайласқан ноқатларының өзине жоқары анықлықта ҳәм нәтийжели тәризде дәри-дәрмақ жеткерип бериў мүмкин.

Буның ушын роботтың арнаўлы кишкене сырнай сыяқлы қурылмасы мурын ямаса аўыз бослығы арқалы бронхиал жолларға киргизиледи. Ол жумсақ эластомерден исленген ҳәм майда магнит бөлекшелери менен үскенеленген. Сол себепли оғада бейимлесиўшең болып, өкпениң қыйын бурылыслары бойлап ислеўге уқыплы.

«Жаңадан ойлап табылған робот өкпе кеселликлерин тексериў ҳәм емлеўде баҳалы қурал болады, – дейди изертлеў басшысы, профессор Петро Валдастри. – Сондай-ақ, ол диагноз процесинде наўқаслардың рентген нурларынан зыянланыўына мүтәжлик қалдырмайды».

Қәнигелердиң пикиринше, робот жақын арада дүньяның жетекши клиникаларында ең аўыр кеселликлерди емлеўде кеңнен қолланыла баслайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги