Нызамшылығымызға бола, бағыўшысынан айырылған көп балалы шаңарақлар физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығынан азат етиледи.

Ата-анасынан бири ямаса ата-анасы қайтыс болған ҳәм шаңарақта он сегиз жасқа толмаған төрт ҳәм оннан аслам балалары болған шаңарақлар салық салыў мақсетинде бағыўшысынан айырылған көп балалы шаңарақлар болып есапланады.

Бул жеңиллик Бюджеттен тысқары пенсия қоры район (қала)лық бөлиминиң  мағлыўматы тийкарында бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги