Кеше Наманган қаласындағы орайлық стадионда футбол бойынша биринши мәрте өткерилип атырған Navruz Cup—2022 халықаралық турнириниӊ финал ойыны болып өтти.

Онда  Өзбекстан сайланды командасы Угандалы футболшылар менен кубок жеӊимпазы атаныў ушын өз-ара майданға түсти.

Орташа темпте өткен ушырасыўдыӊ 34-минутында Жалолиддин Машарипов қарсылас команда футболшыларыныӊ қәтесинен нәтийжели пайдаланып, командамызды есапта алдынға алып шыққан болса, 39-минутта Элдор Шомуродов өзбекстанлылардыӊ екинши голын урыўға еристи.

52-минутта африкалы футболшылар Фаруку Мияныӊ голы есабынан арадағы есапты қысқартқан болса, 55 ҳәм 72-минутларда «Рома» ҳүжимшиси Элдор Шомурадов өз атына еки гол жаздырып қойды. 78-минутта угандалы Эмануэл Окви өз командасыныӊ екинши голын урып, ойындағы есапты 4-2 ге жеткерди.

Ушырасыўдыӊ қалған минутларында арадағы есап өзгериссиз қалды ҳәм Сречко Катанец шәкиртлери «Navruz Cup—2022» кубогин қолға киргизди.

3-орын ушын болған ушырасыўда болса, Тәжикистан сайланды командасы Қырғызстан үстинен жеӊиске еристи.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы