Кегейли районын социал-экономикалық жатқан раўажландырыў ушын бириктирлиген Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен бүгинги күни район аймағында бир қатар жумыслардыӊ  әмелге асырылып турмысқа енгизилиўи, аймақта жасаўшы пуқаралардың ɵмиринде сезилерли ɵзгерислерди пайда етпекте.

Сөзимизге мысал ретинде райондағы «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынына бириктирилген Әндижан ўәлаятыныӊ Алтынкɵл районы ҳәкимлиги ҳәм Кегейлидеги 2-сектордыӊ жуўапкер хызметкерлери тәрепинен жыйында жасаўшы ҳәр бир шаңарақ терең үйренип шығылғанын ҳәм усы үйрениўлер тийкарында бир қанша жумыслардыӊ әмелге асырылғанын айтып өтиўимиз керек.

Атап айтқанда, үйрениўлер даўамында пуқаралардың пикир-усыныслары тыӊланып, аймақтағы ишки жоллар қайта оңланып, пиядалар өткеллери қурылды.  Сондай-ақ, кем тәмийинленген 5 шаңараққа бийғәрез жәрдем ретинде бийпул ыссыханалар қурып берилип, аймақта саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў мақсетинде «Street Workout» майданшасының қурылыс жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды.

Район аймағында бундай абаданластырыў жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги