Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Қарақалпақстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңесиниң жумысы бойынша ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен семинар өткерилди.
Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри С.Мамбетқадыров, Қарақалпақстан Республикасы прокурорының биринши орынбасары С.Иматовлар шығып сөйлеп, коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўде ғалаба хабар қураллары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм халықтың биргеликтеги нәтийжели жумысын тәмийинлеў Кеңестиң тийкарғы ўазыйпаларының бири екенлигин атап өтти.
Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық Кеңесиниң режеси, коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый актлер, республикамызда усы жылдың 9 айы даўамында жүз берген коррупцияға байланыслы жағдайлар, коррупция жынаятларына байланыслы жуўапкершилик мәселелери ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, суд-ҳуқық системасын реформалаў бойынша анық илажлар әмелге асырылмақта.
Усы мақсетте, мәмлекетимизде халықаралық тәжирийбелерди есапқа алған ҳалда коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарларын және де жетилистириў мақсетинде 2017-жыл 3-январь күни «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы қабыл етилди.
Әлбетте, бул нызам мәмлекетлик уйымларға пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң исенимин беккемлеў, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм профилактикалаў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралардың усы тараўдағы тиккелей қатнасын, сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиў өз нәтийжесин бериўи инабатқа алынған ҳалда қабыл етилди.
Бүгинги күнде халқымыздың турмысын жақсылаў, оларға мүнәсип шараятларды жаратып бериўде барлық тараўларда коррупцияны сапластырыў баслы ўазыпаларымыздан есапланады. Себеби, коррупцияға қарсы барлық тараўларда кескин гүрес алып барылмаса өз алдымызға қойған жоқары режелеримизге жете алмаймыз. Сонлықтан, барлық тараў басшылары коррупцияға қарсы гүресиўде өзиниң итибарын күшейтиўи тийис.
Семинарда қатнасыўшылар коррупцияның алдын алыўда бирге ислесиўге байланыслы мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери