Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 10-сентябрь күни мәлимлеме технологиялары тараўында потенциаллы кадрлар таярлаў ҳәм қәбилетли жаслар менен системалы ислесиў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

«Санлы экономика» мәмлекетимиз раўажланыўының тийкарларының бири сыпатында белигленген. Усы мақсетте «Санлы Өзбекстан – 2030» стратегиясын әмелге асырыў басланды. Соның ишинде, оның шеңберинде аймақларда 89, тармақларда 200 ден аслам жойбар турмысқа енгизилди.

Жыл басынан берли IT Park резидентлериниң саны 35 процентке көбейип, оларда 6 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылған. Усы жылдың 8 айында ислеп шығылған программалық өнимлер 26 миллион долларға экспорт етилген. Келеси 3 жылда экономика тармақларында жаңа 300 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген.

Бул жойбарлар, улыўма етип айтқанда, тараў ушын жоқары маман кадрлар таярлаў мақсетинде Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте «Бир миллион программист» жойбары әмелге асырылмақта. Ҳәзирги ўақытқа шекем усы жойбар шеңберинде 567 мың ул-қыз бийпул сабақ алды. Итибарлысы, олардың 79 проценти мектеп оқыўшылары болып есапланады.

Илаж алдынан Бирлескен Араб Әмирликлериниң ҳүкимет ислери бойынша министри Муҳаммад бин Абдуллох ал-Гергавий видеобайланыс арқалы усы жойбардың әҳмийети ҳаққында өз пикирлерин билдирди.

Мәжилисте мәлимлеме технологиялары бойынша билимлендириў шараятларын жақсылаў ҳәм қамтып алыўды кеңейтиў мәселелери додаланды.

2 мыңнан аслам мектептиң бирде-бир оқыўшысы «Бир миллион программист» жойбарында қатнаспағаны көрсетип өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарды ҳәр бир мектепке жеткериў, зәрүр жағдайларда оларды қосымша компьютерлер менен тәмийинлеў, балаларды оқыўға кеңнен тартыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

– Бирде-бир мектеп «Бир миллион программист» жойбарынан шетте қалмаўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сондай-ақ, бундай оқыўлар орынлардағы Жаслар орайы, «Жумысқа мәрҳамат» моно-орайлары негизинде де шөлкемлестирилетуғыны айтылды.

Бүгинги күнде елимизде мәлимлеме технологияларына қәнигелескен 100 мектеп жумыс алып бармақта. Келеси еки жылда бундай мәкемелерди 205 ке жеткерип, 30 мыңнан аслам оқыўшыларды оқытыў режелестирилген.

Сол себепли жуўапкерлерге усы мектеплер ушын педагоглар, техника ҳәм оқыў бағдарламаларын ҳәзирден пуқта таярлаў бойынша көрсетпе берилди.

Және бир жаңалық – усы жылы 1-октябрьден баслап барлық аймақларда 14 IT-техникумының жумысы жолға қойылады. Оларда программалық инжиниринг, мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм телекоммуникация сыяқлы бағдарлар бойынша 8 мыңға шамалас оқыўшы билим алады.

Мәжилисте усы техникумлардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў мәселелерине де тоқтап өтти.

Кадрлар таярлаўда оқыў орайлары да әҳмийетли орын ийеледи. Усы мақсетте «Алоқа банк» тәрепинен уставы 80 миллиард сум болған Венчур қоры ҳәм IT билимлерди раўажландырыў орайының шөлкемлестирилетуғыны белгиленди. Бул орайда келеси бес жылда 100 мың жасқа программалық тәмийнат, мобиль қосымшалар, тармақ администраторы сыяқлы бағдарлар бойынша профессионал билим бериледи.

Буннан тысқары, ҳәзирги ўақытта 151 санлы технологиялар оқыў орайы жумыс алып барып, оларда усы жылы 27 мыңнан аслам тыңлаўшылар оқытылды. Усы орайлардың жумысын кеңейтиў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мине усындай оқыў орынларын шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте Президент ҳәм дөретиўшилик мектеплери ҳәм қәнигелестирилген мектеплерде тәлим-тәрбияның сапасын арттырыў мәселелери де додаланды.

Бүгинги күнде 4 Президент мектебинде 576, 3 қәнигелескен ҳәм 9 дөретиўшилик мектебинде 1 мың 500 оқыўшы билим алмақта.

Мәмлекетимиз басшысы тәрбия процесинде миллий қәдириятлар, ўатансүйиўшилик руўхы тийкарғы әҳмийет ийелеўи зәрүр екенлигин атап өтти. Оқыўшыларды мәмлекетимиз тарийхы, мәденияты ҳәм көркем өнери менен кеңнен таныстырыў, әскерий хызметкерлердиң қатнасыўында ўатансүйиўшилик сабақларын шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Қәнигелескен мектеп оқыўшыларын мәлимлеме технологиялары қәнигеликлерине бағдарлаў, дөретиўшилик мектеплеринде веб-дизайн, компьютер графикасы, сүўретлеў ҳәм көркем өнер, аудиовизуал шығармаларды жаратыў, аўдармашылық, журналистика ҳәм актёрлық шеберлиги сыяқлы дөгереклер шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Алдынғы халықаралық тәжирийбе ҳәм стандартлар тийкарында усы мектеплердеги муғаллимлердиң маманлығын арттырып барыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы мақсетте Ташкент қаласында Педагогикалық шеберлик ҳәм халықаралық баҳалаў орайы ҳәм Әндижанда оның аймақлық филиалының шөлкемлестирилетуғыны белгиленди. Бул орайға сырт елден маман қәнигелер тартылып, пәнлер ҳәм шет тиллери бойынша оқытыўшылардың қәнигелиги арттырылады, халықаралық сертификатлар бериледи.

Улыўма етип айтқанда, Президент мектеплерине инвестициялық ҳәм инновациялық бағдарларды енгизиў бойынша жаңа система шөлкемлестириледи. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм Сыртқы ислер министрлиги сырт елден оқыў бағдарламалары, әдебиятлар ҳәм үскенелер, маман педагоглар ҳәм қаржы грантларын тартыўға жәрдемлеседи. Сондай-ақ, сырт елли мектеплер менен оқытыўшы ҳәм оқыўшыларды алмасыў бағдарламалары әмелге асырылады.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды.

 

ӨзА