Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлимине медиа- тур шөлкемлестирилди.
Онда Мәденият министрлиги ҳәм оған қараслы мәкемелердиң мәлимлеме хызмети бойынша жуўапкер қәнигелери, ҒХҚ ўәкиллери менен ҳәзирги ўақытта мәденият мәкемлеринде әмелият алып барып атырған Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студент-жаслары қатнасты.
Медиа-тур қатнасыўшылары филармония дөретиўшилик жәмәәтлериниң ҳәм онда жумыс алып барып атырған дөретиўшилердиң жумыс барысы менен жақыннан танысты.
Атап өтилгениндей, ϴзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими 2018-жылы 1-ноябрьде шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде филармонияда «Әмиў толқыны» фольклор-этнографиялық ансамбли, «Гүлзар» фольклор ансамбли, «Муҳаллес» дуўтаршылар ансамбли, «Қосық ҳәм ойын» ансамбли менен бирге «Халық сазлары» оркестри жумыс алып бармақта. Оларда елимизге белгили дөретиўшилерден ϴзбекстан халық бақсысы Ғ.ϴтемуратов, Қарақалпақстан халық жыраўлары Б.Сырымбетов, Ж. Пиязовлар, Қарақалпақстан халық бақсысы З.Шарипова, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артистлерден Г.Кабулова, И.Аттағулаева, А.Алламбергенов, М.Нуржанова, С.Қәллибеков, Р.Атажанов, Л.Сейтмуратова, З.Жақсыбаевалар, Қарақалпақстанға мийнети сиӊген мәденият хызметкери К.Хитжанов, «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығыныӊ лауреаты Г.ϴтепова, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтыӊ лауреаты У.Орынбаевалар менен көплеген талантлы бақсы-жыраўлар ҳәм эстрада қосықшылары жумыс алып бармақта.
Бүгинги күнде филармония жәмәәти пайтахтымыздағы 2 850 орынға мөлшерленген Ашық театр (амфитеатр) да өзиниӊ жумысын алып бармақта. Қатнасыўшылар медиа-тур даўамында Амфитеатрдыӊ мүмкиншиликлери менен де танысып, имаратқа саяхат етти.
-Медиа тур бизлерде айрықша тәсир қалдырды. Көп нәрселерди илажда билип алдық. Сахналарда, телевидение арқалы көрип жүрген дөретиўшилер менен бүгин өзлеримиз жүзбе-жүз ушырасып, пикирлестик. Амфитеатрға тек концертлерге келетуғын едик. Бул жерде усындай үлкен дөретиўшилик жәмәәт жумыс алып барып атырғанлығын билип, олардыӊ күнделикли жумыс барысы менен жақыннан таныстық,- дейди медиа-тур қатнасыўшысы, Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студенти С. Рүстембаева.
ϴткерилген илаж қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги