Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Имрон Хон 15-июль күни рәсмий сапар менен елимизге келди.

Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында уллы мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов күтип алды.

Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Имрон Хон Мустақиллиқ майданына барып,  Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды.

Еки елдиң Бас министрлери пайтахтымызда шөлкемлестирилген Өзбекстан – Пакистан бизнес форумында қатнасты.

Өзбекстан ҳәм Пакистан халықлары арасындағы дослық байланыслары узақ өтмишке барып тақалады. Бул байланыслар ҳәзирги күнде тарийхый тамырлардан күш алып, және де раўажланбақта. Заҳириддин Муҳаммад Бабур ҳәм бабурийлар, Муҳаммад Иқбал, Мирза Ғолиб сыяқлы уллы ойшыл ҳәм шайырлардың өлмес мийрасы, ағартыўшылық қараслары халықларымызды байланыстырып туратуғын беккем руўхый көпир болып есапланады.

Соның ушын Пакистан Бас министриниң усы сапарына қатнасықларымыз тарийхында жаңа бет ашатуғын әҳмийетли сиясий ўақыя, деп қаралмақта.

Сапардың тийкарғы илажлары Көксарай резиденциясында болып өтти.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Имрон Хон тар шеңберде сөйлесиў өткерди.

Президентимиз уллы мәртебели мийманның Өзбекстанға дәслепки сапары еки тәреплеме шерикликтиң жаңа дәўирин баслап бергенин атап өтти.

– Пакистан бизиң ўақыт сынағынан өткен әҳмийетли шеригимиз. Мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимге тийкарланған. Бүгин биз оларды стратегиялық шериклик дәрежесине көтеремиз. Ҳәзирги қыйын жағдайға қарамастан, бирге ислесиўимиз жедел пәтлерде раўажланбақта. Барлық тараўлардағы байланысларды және де кеңейтиўден мәпдармыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Пакистан Бас министри Өзбекстанда болып турғанынан қуўанышлы екенин айтып, бул пандемия басланғанынан берли оның биринши сырт ел сапары екенин атап өтти.

Ушырасыўда тийкарғы итибар еки мәмлекет арасындағы сиясий сөйлесиўди беккемлеў ҳәм саўда экономикалық бирге ислесиўди, әсиресе, инвестициялар ҳәм ири регионаллық инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў бағдарында беккемлеў мәселелерине қаратылды.

Соңғы жыллары еки тәреплеме сөйлесиў ҳәм байланыслар әдеўир жеделлести. Шавкат Мирзиёев пенен Имрон Хонның 2019-жылда Пекин ҳәм Бишкекте өткен ушырасыўлары, усы жыл апрельдеги онлайн саммити еки мәмлекет ушын жаңа перспективалар ашты. Ҳүкиметлер ҳәм аймақлар дәрежесиндеги сапарлар нәтийжесинде байланыслар әмелий мазмун менен байып бармақта.

Ушырасыўда сиясий мәсләҳәтлесиўлерди, уллы ҳәм жоқары дәрежедеги сөйлесиўди турақлы өткерип барыўға келисип алынды. Байланысларды кең көлемде раўажландырыў ушын Старатегиялық бирге ислесиў бағдарламасын ислеп шығыў усынысы билдирилди.

Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысылып, тәреплердиң позициясы бирдей ямаса уқсас екени тастыйықланды.

Еки мәмлекет халықаралық майданда бир-бирин қоллап-қуўатлап келмекте. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми шеңбериндеги байланыслар өз-ара ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етпекте.

Өзбекстан ҳәм Пакистан Аўғанстанның жақын қоңсылары сыпатында ол жерде турақлылық орнатылыўынан мәпдар екени атап өтилди. Бул регионда транспорт коридорларын пайда етиў, саўда-экономикалық байланысларды жедел раўажландырыў ушын имканият жаратады.

Өз-ара саўда айланысын көбейтиў, оның ушын карго-авиақатнаўларын жолға қойыў, еки тәреплеме жеңилликлер ҳәм преференциялар бериў мәселелери додаланды.

Регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў, әскерий-техникалық бирге ислесиўди беккемлеўге байланыслы мәселелер де көрип шығылды.

Имрон Хон шын жүректен қабыллағаны ҳәм миймандослық ушын миннетдаршылық билдирип, мәмлекетимиз басшысын Пакистанға сапар менен барыўға мирәт етти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Имрон Хон сөйлесиўлерди еки мәмлекеттиң рәсмий делегациялары қатнасыўында даўам еттирди. Онда сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт ҳәм транзит, туризм тараўларындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы дәстүрий дослық ҳәм көп қырлы әмелий бирге ислесиў беккемленип баратырғаны, ҳәр еки мәмлекеттиң раўажланыўға ерисиў жолындағы реформалары да бир-бирине үнлес ҳәм уқсас екенин атап өтти.

– Дүньяда жоқары абырайға ийе Пакистан Өзбекстан ушын потенциаллы ҳәм перспективалы бирге ислесиўши болып есапланады. Сиз бенен биз «Ная Пакистан» ҳәм Жаңа Өзбекстанды қурып атырмыз. Социаллық бағдарланған реформаларымыздың мазмуны ҳәм руўхы бир-бирине уқсас ҳәм үнлес. Сизиң бул сапарыңыз көп қырлы қатнасықларымыз тарийхында жаңа дәўирди баслап береди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Тәреплер еллеримиз арасындағы шерикликти кеңейтиў ҳәм раўажландырыўда умтылысларының исенимли екени ҳәм бул бойынша анық илажларды көриўге таяр екенлигин атап өтти.

Кейинги дәўирде болып өткен ушырасыўлар және онлайн-саммиттен соң өз-ара қатнасықларда үлкен жылжыўға ерисилди.

Көп қырлы сөйлесиўлер ҳәм мәдений алмасыўлар жеделлести.

14-июль күни Ҳүкиметлераралық қоспа комиссия мәжилиси өткерилди. Пакистан Бас министриниң сапары шеңберинде пайтахтымызда биринши мәрте Өзбекстан ҳәм Пакистан исбилерменлери бизнес-форумы шөлкемлестирилди.

Кейинги жыллары еллеримиз арасында саўда көлеми төрт есе өсти. Қоспа кәрханалардың саны дерлик жүзден артыққа көбейди. Ҳәзирги күнде Өзбекстанда пакистанлы инвесторлар тәрепинен шөлкемлестирилген 163 кәрхана жумыс ислемекте.

Пакистан Қубла Азия ҳәм жәҳәнниң ири базарларына шығыўда Өзбекстан ушын әҳмийетли көпир ўазыйпасын атқарады. «Термиз-Мазари Шариф-Кабул-Пешовар» темир жолының қурылысы тек ғана саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыўға емес, ал регион мәмлекетлери арасында тилеклесликти күшейтиўге хызмет етеди.

Быйыл февраль айында Ташкентте Аўғанстан, Пакистан ҳәм Өзбекстан делегациялары халықаралық финанс институтлары ўәкиллериниң қатнасыўында бул үлкен жойбарды додалап, темир жолды қурыў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер режеси («Жол картасы»)не қол қойған еди.

Президент Шавкат Мирзиёев еллеримиз саўда-экономикалық тараўда еле иске қосылмаған үлкен потенциалға ийе екенин, өз-ара саўда көлемин 4-5 есе көбейтиў ушын шараят бар екенлигин атап өтти.

Аўыл хожалығы, машина қурылысы ҳәм қурылыс, фармацевтика ҳәм химия, жеңил санаат ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда кооперацияларды шөлкемлестириў мәселелерине итибар қаратылды. Бул тараўлардағы жойбарлар тығыз бирге ислесиўде әмелге асырылса, Өзбекстан ҳәм Пакистан экономикасы ушын жаңа имканиятлар ашылады.

Сөйлесиўде бундай жойбарларды ҳәр тәреплеме хошаметлеў ҳәм тез ўақыт ишинде әмелге асырыў ушын барлық зәрүр жәрдем ҳәм жеңилликлерди бериўге келисип алынды.

Аймақлараралық бирге ислесиў байланысларының кеңейип баратырғанын айрықша атап өтиў зәрүр. Быйыл февраль айында Панжоб губернаторы елимизге сапар менен келди. Наманган ўәлаяты делегациясы Панжоб ҳәм Синд провинцияларында болды.

Ушырасыўда еки мәмлекеттиң басқа ўәлаятларын да өз-ара бирге ислесиў байланыслары менен байланыстырыў зәрүр екенлигине итибар қаратылды. 16-июньнен Ташкент ҳәм Лаҳор арасында авиақатнаў тикленди. Жаңа ҳаўа жөнелислерин жолға қойыў жүк тасыўлардың кеңейиўи ҳәм өз-ара туризмниң раўажланыўына да хызмет етеди.

Өзбекстан ҳәм Пакистан Аўғанстандағы унамсыз жағдайдың ҳәўиж алыўына жол қоймаў ушын биргеликтеги ҳәрекетлерди иске қосыўға, аўғанлараралық тынышлық сөйлесиўлерин қайта тиклеўде жәрдемлесиўге таяр екенлиги атап өтилди.

Қәўипсизлик тараўында биргеликте топар дүзиў, оның дәслепки мәжилисин Ташкентте өткериў усынысы билдирилди.

Ушырасыўда мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыў, уқсас руўхый мийрасымызды биргеликте үйрениў, илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт тараўларындағы бирге ислесиўди күшейтиў мәселелерине де тоқтап өтилди.

Өзбекстанда Пакистанның бай тарийхы, мәденияты ҳәм көркем өнерине, атап айтқанда, урду тилин үйрениўге қызығыўшылық артып бармақта. Соның ишинде, Шығыстың уллы шайыры, урду әдебий тилине тийкар салған ағартыўшы Мирза Ғолибтың өмири ҳәм дөретиўшилиги терең үйренилмекте.

Өз гезегинде, Пакистанда да өзбек тили ҳәм әдебияты, мәмлекетимиз тарийхын үйрениў ҳәм изертлеўге қаратылған жойбарларға үлкен итибар қаратылмақта. Соның ишинде, Панжоб университети жанында Бабур мийрас орайы, Пешовар университетинде өзбек тили ҳәм мәдениятын үйрениў бойынша Әлийшер Наўайы орайы ашылды.

Елимизде Лаҳордағы қайталанбас Шох қорған архитектуралық комплексин, гөззал Шалимар бағларын зыярат етиўди қәлейтуғын адамлар көплеп табылады.

Бүгинги күнде Пакистанда 10 миллионға шамалас нақшбандия тарийқаты ўәкиллери, сондай-ақ, Заҳириддин Муҳаммад Бабурдың көплеген ықласбентлери бар. Олардың Бухарайи Шариф, Самарқанд ҳәм Әндижандағы муқаддес зыярат орынларына сапарын әмелге асырыў ушын барлық шараятларды жаратып бериўге таярлық билдирилди.

Еки мәмлекет кинодөретиўшилери менен биргеликте Бабур бабамыз ҳаққында фильмди сүўретке алыўға келисилди.

Инсан саламатлығын сақлаў жолында медициналық билимлендириў тараўында бирге ислесиўди күшейтиў халқымыздың мәплерине хызмет ететуғыны тәбийғый. Сол жағынан соңғы үш жылда пакистанлы жаслардың Өзбекстан медицина жоқары оқыў орынларында билим алыўға болған қызығыўшылығы артып баратырғанлығы қуўанарлы. Бүгинги күнде мәмлекетимизде 750 ден аслам пакистанлы жаслар усы бағдарларда билим алмақта.

Ушырасыўда мәмлекетлеримиз арасында бундай қатнасықлар халқымыздың бир-бирине болған шын кеўилден умтылысы, өз-ара ҳүрмет ҳәм итибарының көриниси екенлиги айрықша атап өтилди.

Сөйлесиўлер жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Бас министр  Имрон Хон Өзбекстан Республикасы менен Пакистан Ислам Республикасы арасында стратегиялық шериклик ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойды.

Сапар шеңберинде қол қойылған 8 ҳүжжет алмасылды. Транзит ҳәм саўда ҳаққындағы және исбилерменлер ҳәм туристлик топарлар ушын виза тәртиплерин әпиўайыластырыў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимлер олар арасында айрықша әҳмийетке ийе.

Сондай-ақ, Қорғаныў министрликлери арасында әскерий билимлендириў тараўында бирге ислесиў ҳаққында протокол, 2021-2026-жылларға мөлшерленген Мәдений алмасыў бағдарламасы, мәмлекет шегарасынан алып өтилип атырған товарлар ҳәм транспорт үскенелери ҳаққында алдыннан мәлимлеме алмасыў ҳаққында билдириў, Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университети менен Пакистан дипломатиялық хызмет академиясы арасында түсинисиў меоморандумы мәмлекетимиз арасындағы бирге ислесиўди жаңа бирден-бир жоқары басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

Сапар шеңберинде Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси және Өзбекстан-Пакистан бизнес-форумында улыўма баҳасы 500 миллион АҚШ долларынан зыят болған шәртнамаларға қол қойылғаны мәлим етилди.

Өзбекстан ҳәм Пакистан жетекшилериниң сөйлесиўлериниң жуўмақлары бойынша ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын брифинг өткерилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Пакистан Бас министри Имрон Хонның рәсмий сапарын мәмлекетлераралық қатнасықлар тарийхында жаңа бет ашатуғын әҳмийетли сиясий ўақыя, деп баҳалады.

– Көп қырлы байланысларымыз соңғы жыллары сапа ҳәм мазмун жағынан жоқары басқышқа көтерилип баратырғаны бизди қуўандырады. Ҳәзир ғана жуўмақланған тар ҳәм кеңейтилген шеңбердеги сөйлесиўлер дослық ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў жолындағы умтылысларымыздың исенимли екенин дәлилледи.

Өзбекстан ҳәм Пакистан бирге ислесиўиниң бүгинги жоқары дәрежесинен келип шығып, мәмлекетлеримиз арасында Стратегиялық шериклик ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойдық. Бул әҳмийетли қәдем байланысларымыз тарийхында жаңа дәўирди баслап береди, деп исеним менен айта аламыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

– Бул мениң Өзбекстанға биринши сапарым, иншааллаҳ, ақырғысы емес. Биз мырза Президент пенен жүдә кең көлемде пикирлестик. Сөйлесиўимиз оғада қызған болғаны ҳәм узақ даўам еткенинен оның ақырына барып мен өзбекшени түсине басладым. Себеби урду тили менен өзбек тили бир-бирине жақын. Ҳәзирги күнде Пакистан ҳәм Өзбекстанда халықтың төменги қатламларына итибар қаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, билимлендириўди раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар үнлес. Биз саўда-экономика, транспорт, билимлендириў, мәденият, туризм тараўларындағы имканиятларды ҳәр тәреплеме додалап стратегиялық келисимлерге еристик, – деп атап өтти Имрон Хон.

Өз-ара исеним ҳәм ашық-айдынлық, қызғын ҳәм әмелий руўхта болып өткен нәтийжели сөйлесиўлерде шерикликтиң жаңа имканиятлары көрип шығылып, «өсиў ноқатлары» белгиленгени атап өтилди.

Кейинги жыллары өз-ара товар алмасыў көлеми төрт есеге өскени, келешекте бул санларды және төрт-бес есеге арттырыў бойынша келисип алынғаны атап өтилди.

Транзит ҳәм саўда ҳаққындағы келисим режелестирилген үлкен мақсетлерге ерисиўге хызмет етеди. Аўыл хожалығы, туқымгершилик ҳәм шарўашылық, машина қурылысы ҳәм қурылыс, фармацевтика ҳәм химия, жеңил санаат ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда жаңа биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, аймақлар арасында тиккелей байланыслар орнатыўға келисилгени мәлим етилди.

«Термиз-Мозори Шариф-Қобул-Пешовар» темир жолы қурылысы мәселеси де ҳәр тәреплеме көрип шығылғаны атап өтилди.

Қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге келисип алынғаны айтылды. Тәреплер абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық структуралар  шеңберинде бир-бирин қоллап-қуўатлаўды даўам еттиретуғынын тастыйықлады.

Сондай-ақ, туризм ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиў перспективаларына тоқтап өтилди.

Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Имрон Хонның елимизге рәсмий сапары даўам етпекте.

Уллы мәртебели мийман 16-июль күни Ташкент қаласында «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық байланыслылық. Қәўип-қәтерлер ҳәм имканиятлар» атамасындағы халықаралық конференцияда қатнасады. Сондай-ақ, Бухара ҳәм Самарқанд қалаларын зыярат етиў нәзерде тутылған.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы