Өзбекстан Республикасының Бас министри-Пуқаралық қорғаныў баслығының усы жыл 5-майдағы «Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Сурхандәрья ҳәм Хорезм ўәлатларында басқарыў уйымлары, Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм бундай жағдайларда ҳәрекет етиў мәмлекетлик системасы менен аймақлық төменги системаларда  ҳәм күш қураллары менен биргеликте командалық-штаб оқыў шынығыўларына таярлық көриў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы буйрығы тийкарында республикамызда үш күн даўамында илаж болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы-Пуқаралық қорғаныў баслығының Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм бундай жағдайларда ҳәрекет етиў мәмлекетлик системасы (АЖМС) аймақлық төменги буўынының басқарыў уйымы, күш ҳәм қураллары «Жоқары таярлық» режимине өткерилди. Бул режимге өткеннен соң, республикамыз бойынша биргеликтеги режелер әмелге киргизилип, күш ҳәм қураллар таяр ҳалатқа келтирилди. Айрықша жағдайларды сапластырыў бойынша материаллық ҳәм қаржы ресурслардың запасына анықлық киргизилип, эвакуация ҳәм экономика объектлериниң турақлылығын тәмийинлеў комиссияларының жумысы жолға қойылды.

Толық суў басыў итималы болған 1 қала ҳәм 12 район және суў басыўы қәўпи болған 4 районның турғынлары, материаллық байлықлар ҳәм шарўа малларын қәўипсиз аймақларға көшириў бойынша илажлар белгилип алынды.  Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы-Пуқаралық қорғаныў баслығының қарары менен АЖМС аймақлық төменги буўынының басқарыў уйымы, күш ҳәм қураллары «Айрықша жағдай» режимине өткерилгеннен соң, биргеликтеги режелер әмелге киргизилип, таяр ҳалатқа келтирилди. Айрықша жағдайларды сапластырыў бойынша материаллық ҳәм қаржылай ресурслардың запасына анықлық киргизилди.

Биринши медициналық жәрдем көрсетиў, жарақатланғанларды қабыллаў пунктлери жайылып, койкалар, дәри-дармақлар ҳәм басқа да медициналық буйымлардың запасы жаратылды. Барлық күш ҳәм қураллар айрықша жағдайлардың ақыбетлерин сапластырыўға  тартылды.

Беруний районы «Шаббаз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан өтетуғын Әмиўдәрьяның  жағалықларын беккемлеў жумысларын әмелге асырыў бойынша Беруний, Елликқала, Төрткүл районларының жергиликли басқарыў уйымларын тартқан ҳалда биргеликтеги арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди. Илаж даўамында 100 метр куб тас, 600 метр куб топырақ жумыслары әмелге асырылды.

Хожели районында суў тасқыны жүзеге келген «Саманкөл» аўыл пуқаралар жыйыны халқы, олардың мүлклери ҳәм шарўа малларын қәўипсиз аймақларға көшириў бойынша усындай арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди.

Эвакуация етилген халық алдын ала белгиленген аймаққа, яғный Хожели районындағы орайлық стадионда шөлкемлестирилген  қабыллаў пунктине алып келинди. Бул жерде оларға барлық шараятлар жаратылып, көширилгенлерге аўқатланыў, медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм санитария-гигиеналық орайлар шөлкемлестирилди.

Нөкис қаласындағы «Ашшы көл» аймағында суў тасқыны себебинен жүзеге келген бүлгиншиликлерди сапластырыў, излеў-қутқарыў ҳәм тиклеў, санитария-эпидемиологиялық, экологиялық ҳәм ветеринариялық лаборатория тексериўлерин өткериў, аймақты дезинфекциялаў, набыт болған ҳайўанлардың денелерин зыянсызландырыў бойынша көргизбели арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы болып өтти. Оның екинши бөлиминде қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў отряды жайылып, жарақатланғанларға дала шараятында медициналық жәрдем көрсетиў жумыслары орынланды. Бунда хирургиялық, травматологиялық, акушерлик ҳәм медициналық емлеўлер ҳақыйқый жағдайға жақынластырылған ҳалда қатнасыўшыларға көрсетип берилди.

Сондай-ақ, «Тақыятас нефьт база» унитар кәрханасында  тәбийғый ҳәм техноген айрықша жағдайлар жүз бергенде биргеликтеги ҳәрекетлер бойынша арнаўлы тактикалық оқыў-шынығыўлары өткерилди. Онда объекттеги нефьт өнимлерин темир жол ҳәм автотранспортларда эвакуация етиў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер көрсетилди.

Солай етип,  «Басқарыў уйымлары, айрықша жағдайлар мәмлекетлик системасы аймақлық ҳәм функционал төменги системаларының  Тәжикстан Республикасы  аймағында жайласқан  Сарез көли бөгетиниң жарылыўы ақыбетинде жүзеге келген айрықша жағдайларда халықты ҳәм аймақларды қорғаў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлери» темасындағы командалық-штаб оқыў шынығыўлары жоқары дәрежеде өткерилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.