1904-жылы Қарақалпақстанныӊ бурынғы Шаббаз ҳәзирги Беруний районында туўылған Александр Трошков 1943-жылдыӊ октябрине шекем колхозда жумыс ислеп, соӊынан армия қатарына шақырылады.

Аўылда қара мийнет ислеп шыныққан ол 2-Украина фронтыныӊ 46-армиясыныӊ 99-атқышлар дивизиясыныӊ 1-атқышлар полкында қанлы саўашларға қатнасып, Украина ҳәм Венгрия аймақларын душпанлардан азат етиўде көплеген ерликлер иследи.

Әсиресе, ол 1944-жылдыӊ 5-декабринде қыстыӊ суўығына қарамастан Венгрияныӊ Мариахуза аўылы тусында Дунай дәрьясын биринши болып кесип өтип, душпанныӊ үш оқ атыўшы точкаларын жоқ етиўге ериседи. Александр Трошков бул саўашта бир неше мәрте жарақат алыўына қарамастан душпанлар менен шайқасты даўам етип, жаўынгерлеримиздиӊ толық жеӊиске ерисиўине имканият жаратты.

СССР Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ 1945-жыл 24-марттаға Пәрманы менен шаббазлы мәрт жаўынгер Александр Трошков Ленин ордени, «Алтын Жулдыз» медалы менен сыйлықланып, оған Советлер Аўқамыныӊ Қаҳарманы атағы бериледи.

Бирақ, ол 1946-жылы тосаттан келген әжел себепли қайтыс болады.

 

Баспасөз материаллары тийкарында таярлаған: Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги