Елимизде жаслардың ҳуқықый санасын раўажландырыў, демократиялық мәмлекет қурыў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли сиясий процеслерде олардың белсендилигин арттырыўға айрықша дыққат қаратылмақта.         

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллығы мүнәсибети менен  O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси менен биргеликте “O’zLiDeP – жаслар менен бирге” атамасында ушырасыў кешеси өткерилди.

Илажға партия ўәкиллери, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Онда  шығып сөйлегенлер елимизде жаслардың ҳуқықый санасын жетилистириў, оларға қаратылып атырған үлкен итибар, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың мазмун-мәниси бойынша кең түрде түсиник берди.

-Бүгинги күнде партиямыздың «Жаслар қанаты» тәрепинен жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, белсенди жасларды партия қатарына қамтып алыў, жәмлеспеген жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменликке бағдарлаў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта, – дейди партияның  аппарат баслығы Ш.Өтемисов.

Илажда партия менен тығыз бирге ислесип киятырған ҳәм белсенди жаслар партия ағзалығына қабыл етилип, оларға партия гүўалықлары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги