Президент Шавкат Мирзиёев 1-май күни Ташкент ўәлаятының Қибрай районында жаратылып атырған бағ аймағына барды.

Тереклер – елге көрик беретуғын, турмыс сапасын арттыратуғын дәреклерден болып есапланады. Усы мақсетте қала ҳәм районларымызда жаңа бағ ҳәм сейил етиў орынлары шөлкемлестирилмекте. Бундай «жасыл аймақлар» кейинги жылларда көплеген қурылыслар болып, әсиресе барған сайын раўажланып атырған Ташкент қаласы ушын, әҳмийетли.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен пайтахтымыз жақынында үлкен декоративлик бағ жаратылмақта. 25-февраль күни усы бағдың жойбары додаланған еди. Бүгин оған дәслепки нәллер егилди.

Усы мүнәсибет пенен бул жерге парламент ҳәм ҳүкимет ағзалары, Ташкент қаласының жәмийетшилиги, нуранийлар, илим ҳәм көркем өнер ўәкиллери, спортшылар, жаслар жыйналды.

– Бүгинги мүбәрек Рамазан күнлеринде сизлер менен көрисип турғанымнан қуўанышлыман. Халқымыз ушын мүнәсип шараятлар жаратыў бойынша көп жумысларды баслағанбыз. Қуда қәлесе, мине усындай ҳаўасы жақсы жерде 104 гектарлық бағ жаратпақшымыз. Бул ийгиликли жумыстың басланыўы ҳәзирги уллы байрам күнлерине туўра келгени де қәсийетли, деп ойлайман, – деди Шавкат Мирзиёев.

Жаңа бағ тек ғана көриниси, ландшафты менен емес, ал мазмуны менен де айрықша итибарға ийе. Бағдың улыўма көриниси тап үлкен теректиң бес шақасы түринде болады. Бул Ҳәрекетлер стратегиясының бес тийкарғы бағдарын сәўлелендиреди.

Бағды әпиўайы парк емес, бәринен бурын, жоқары мәденият ҳәм мәнәўият орнына айландырыў мақсет етилген. Бул жерде адамлар тәбият қойнында тыныш дем алатуғын сулыў аймақлар жаратылады. Каштан, емен, клён, қызғалдақ, липа бағлары жаратылып, сийрек гезлесетуғын декоратив тереклер, шақалар ҳәм гүллер егиледи. Жасалма көл, спорт майданлары, балалар майданшалары, фонтанлар қурылады.

Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллығына бағышланған Ғәрезсизлик комплекси де усы жерге қурылады.

Президентимиз бул комплекстиң тарийхый-идеялық әҳмийетин атап өтти.

– Быйыл ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллығын белгилеймиз. Бирақ мәмлекетшилигимиз 3 мың жыллық. Бул, мине, усы уллы тарийхты көрсететуғын комплекс болады. Бул жерге келген жасларымыз, сырт елли мийманлар да буны аңлайтуғын дәлиллер сәўлелендириледи, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президент Шавкат Мирзиёев бул бағ Өзбекстанның жаңа келбетин, үлкен потенциалын, көп миллетли халқымыздың бирлиги ҳәм аўызбиршилигин көрсететуғын комплекс болыўы керек екенлигин атап өтти. Соны есапқа алып, бул саўлатлы бағқа «Жаңа Өзбекстан» деп атама бериўди усыныс етти. Жыйналғанлар бул усынысты қоллап-қуўатлады.

Мәмлекетимиз басшысы жәмийетшилик пенен бирге жаңа бағқа нәллер отырғызды.

Алдын хабар берилгениндей, бул бағдың жанында Олимпиада қалашасы да қурылады.

 

ӨзА