Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 13-апрель күни жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў  бағдарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Бизге белгили, 2021-жыл мәмлекетимизде «Жасларды қоллап-қуўатлаў  ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы», деп аталып, бул бағдарда мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилди. 27-январь  және 10-февраль күнлери болып өткен мәжилислерде быйылғы жылғы әҳмийетли ўазыйпалар және бир мәрте аталып, жуўапкерлер белгиленген еди.

Мәжилисте усы ўазыйпалардың орынланыў барысы, министрлер, ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери, сектор басшылары, жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары жасларға байланыслы жумысларды қалай  шөлкемлестиргенлиги көрип шығылды.

Мәмлекетимиз бойынша  648 мың жумыссыз «Жаслар дәптери»не киргизилген болса, биринши шеректе соннан  283  мың адамның бәнтлиги тәмийинленген. Атап айтқанда, 175 мың жасқа 45 мың гектар жер майданы ажыратылған.

Жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде 36 мың қосымша дөгерек шөлкемлестирилип, 874 мыңға шамалас ул-қызлар тартылған.  «Бес әҳмийетли баслама» шеңберинде билимлендириў мәкемелери, китапхана ҳәм оқыў  орайларына  97 мың көркем өнер ҳәм спорт инвентары, компьютерлер, 526 мың көркем китаплар жеткерип берилген.

Бирақ, айырым аймақлар ҳәм тараўларда жаслар мәселелерине итибар еле де талап дәрежесинде емес екенлиги көрсетип өтилди. Мысал ушын, Әндижан ўәлаятында биринши шеректе  тек ғана 5 мыңға шамалас жас турақлы жумысқа жайластырылған. Бирақ, ҳәзирги ўақытта аймақтағы санаат кәрханалары ҳәм кластерлерде  7 мың  турақлы вакант жумыс орны бар.

Жумыссыз жасларды кәсип ҳәм исбилерменликке оқытыў, қаржы  менен тәмийинлеўде де кемшиликлерге жол қойылмақта. Атап айтқанда, «1+1» бағдарламасы шеңберинде  100 мың  жасты оқытып, кейин ала оларға жеңилликли кредит ажыратыў белгиленген  болса да, Саўда–санаат палатасының төменги структуралары бул жумысларды системалы шөлкемлестире алмай атыр.

Мысал ушын, үш  айда республика бойынша 21 мың жас исбилерменликке оқытылған. Ташкент қаласында тек ғана 1000, Наманганда болса,  1100 сертификат берилген. Бухарада болса тек ғана  216 жас кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытылған.

Буннан тысқары, жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийнлеў Сурхандәрья ўәлаятында  30 процентти қурап, бул республикадағы ең төменги көрсеткиш. Тап усы сыяқлы Хожелиде тек 16, Фурқатта 27, Улуғнорда 78, Ангорда 82 жумыссыз жаслар «1+1» жойбары менен қамтып алынған.

Мәжилисте бундай өзиболарлық жағдайлар қатты сынға алынды. Жаслар менен ислесиўди зәрүр дәрежеде шөлкемлестирмегени  ушын Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкиминиң жаслар мәселелери бойынша орынбасары, Фурқат ҳәм Улуғнор районының ҳәкимлери, Шофиркон, Қамаши, Хийўа, Чуст, Хожели ҳәм Ангор районларындағы айырым сектор басшылары лаўазымынан босатылатуғын болды. Және бир қатар жуўапкерлер қатаң  ескертилип, жағдайды дурыслаў ушын ўақыт берилди.

Гезектеги ўазыйпалардың орныланыўын шөлкемлестириў, жаслар менен ислесетуғын мәкемелерге имканиятларды кеңейтиў илажлары белгиленди.

– Ең әҳмийетли ўазыйпа, бәринен бурын, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, мүнәсип дәрамат алыўы ушын оларға шараят жаратып бериў. Бул бағдардағы ең үлкен имканият ҳәм резервимиз – исбилерменлик, әсиресе, киши ҳәм орта бизнес болып есапланады, –  деди Шавкат Мирзиёев.

Соннан келип шығып, жуўапкерлерге жаслардың исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бағдарындағы имканиятларды буннан былай да кеңейтиў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жаңа механизм енгизиў ўазыйпасы қойылды. Бул системада халыққа да, шөлкемлерге де мақул болатуғын бир неше жеңилликлер  белгиленди.

Соның ишинде, 1-майдан баслап жасларды жумысқа қабыл еткен кәрхана ҳәм компанияларға усы хызметкерлер ушын төленген социаллық салық қайтарып бериледи.

Сондай-ақ, 1-июньнан баслап, «Жаслар дәптери»не кирген студентлер кәрхана ҳәм компанияларда әмелият өтегенде, оларға  500 мың сумға шекем субсидия ажыратылады.

Биринши мәрте жумысқа кирген кәсип-өнер орайының питкериўшилери 6 айға шекем дәрамат салығын төлеўден азат етиледи.

«Жаслар дәптери»не кирген 5 жастан аслам жумыссызлардың бәнтлигин тәмийинлеген исбилерменлерге 1-майдан баслап мәмлекетлик мүлк ижарасы ушын  50 процентке шекем жеңиллик бериледи.

Сондай-ақ, ижараға имарат алып, өз бизнесин баслап атырған жасларға, бир жыллық ижара суммасының  30 процентке шекемги бөлеги қаплап бериледи.

«Жаслар дәптери»не киргизилген жигитлер ҳәм меҳрибанлық үйиниң тәрбияланыўшыларына айдаўшылық гүўалығын алыў, бир айлық әскерий хызметти өтеў қәрежетлери бюджеттен төлеп бериледи.

Сондай-ақ, 1-июньнан баслап «Жаслар дәптери»не киргенлердиң  шет тиллер ҳәм улыўма билимлендириў пәнлери бойынша мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде оқыў қәрежетиниң бир бөлеги қаплап бериледи.

Соның менен бирге, 1-июльден баслап жеке меншик кәрханаларда жаңа жумыс баслаған хызметкерлерди қайта таярлаў қәрежетиниң 1 миллион сумға шекемги бөлегине субсидия бериледи.

Буннан тысқары, жаслардың профессионал билимлендириў мектеплери, техникумларда оқыўы ушын төленетуғын контракт суммасы дәрамат салығынан азат етиледи.

Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўдеги және бир әҳмийетли бағдар – аўыл хожалығы. Бүгинги күнде республика бойынша 21 районда 2 мыңнан  4,5 мыңға шекем жасқа дийқаншылық ушын жер ажыратылған.

Мәмлекетимиз басшысы жер алған жаслар агротехникалық илажларды орынлап, дәрамат алып баслайман дегенше фермер ҳәм кластерлер әмелий жәрдем көрсетиўи әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Бул тараўда да халықты қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Жаслар дәптери»не киргенлерге туқымлық ҳәм нәллерди сатып алыў ушын  2 миллион  сумға шекем субсидия бериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Қаржы министрлигине субсидиялар бериўдиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде «электрон платформа» жаратыў ўазыйпасы қойылды.

Және бир мәселе – ҳәр бир мәҳәлле ҳәм жайды сапалы медициналық хызметлер менен қамтып алыў ушын тәжирийбели орта буўын медицина хызметкерлерин көбейтиў зарүр болмақта. Бир ғана медициналық бригадаларға кеминде 7 мың орта медицина хызметкерлери керек.

Соның ушын, денсаўлықты сақлаў тараўындағы реформалардың даўамы сыпатында быйылғы жылы қосымша  20 мыңға шекем орта медицина ҳәм социаллық хызметкерлер штатын шөлкемлестириў  есабынан мыңлаған жаслар ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте жаслардың бос ўақтын мазмунлы  шөлкемлестириў мәселелерине де итибар қаратылды.

Бүгинги күнде «Бәркамал әўлад» балалар  орайлары тек ғана 175 мың жасты қамтып алған. Сонлықтан бул мәкемелердиң имканиятларынан толық пайдаланыў, ҳәр бир мектепте олардың тармақ филлиалларын шөлкемлестириў арқалы қамтып алыўды  арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Түрли фестиваль ҳәм жарыслар өткерип, жасларды спорт, мәденият ҳәм көркем өнерге қызықтырыў, абырайлы халықаралық таңлаўларға алып шығыў избе-из даўам еттириледи.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир жоқары оқыў орнының жанындағы  мәҳәллелер ушын мәнаўият орайы, мәденият орталығы болыўы керек екенлигин, бул бағдарда ректорлардың орны улыўма сезилмей атырғанлығын атап өтти.

Мәжилисте студентлердиң жасаў шараятлары мәселелерине айрықша тоқтап өтилди.

Бүгинги күнде  130 мыңнан аслам студент ижарада жасамақта. Бул мәселе бойынша ҳүкимет тәрепинен айрықша бағдарлама таярланбақта.  Оған бола, бундай жасларға 1-майдан баслап ижара төлеминиң ярымы мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи. Дәслепки  басқышта бул система арқалы  60 мың жаслар қамтып алынады. Соның менен бирге,  мүтәж студентлерге бул қәрежетлер ҳәкимликлер ҳәм жоқары оқыў орынларының қаржылары есабынан да қаплап бериледи.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң есабаты тыңланды.

 

ӨзА